
Қарақалпақстан интернет пайдаланыўшыларының арасында кең тарқалған Facebook социаллық тармағында Бердақ шайырдың қызы Ҳүрлиман бақсының қойымшылығын абаданластырыў, оған мүнәсип естелик орнатыў мәселеси көтерип шығылды ҳәм оған кең жәмийетшилик тәрепинен унамлы пикирлер билдирилди.
«Қарақалпақ фольклорында ҳаял-қызларымыз ҳаққында көп әжайып шығармалар орын алған. Атап айтқанда, Гүлпаршын, Гүлайым, Сәрбиназ ҳаққында дерлик көпшилик еситкен, аз да болса да мағлыўматқа ийе. Енди бул қаҳарманлар халық аўзында әпсанаға айланып, әўладтан-әўладқа тарқалып атыр. Бирақ, соның менен бирге реал жасаған, халық тилге алып жүрген қаҳарманлар да бар. Солардың бири Бердақ шайырдың қызы Ҳүрлиман. Бүгин сол бақсы қыздың қойымшылығының сүўретин көрип қалдым. Сәл әтирапын абаданластырып, естелик орнатылса мақсетке муўапық боларма еди?», – деп жазады социаллық тармақтың белсенди пайдаланыўшыларынан бири Әдил Қудайбергенов өзиниң постында.
Ҳақыйқатында да, өз өтмишин билмеген ҳәм оны ҳүрмет етпеген халықтың келешеги жақтылы болмайды. Өз ата-бабаларын ҳүрметлеў, олардың қалдырған мийрасларын абайлап сақлаў ҳәм келешек әўладқа жеткериў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз болыўы тийис. Сонлықтан, бул мәселе тийисли шөлкемлер тәрепинен көрип шығылса, халыққа үлги сыпатында көрсететуғындай инсанлардың қойымшылығы абаданластырылса, жас әўладқа да үлги болар еди, деген ойдамыз.

Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


