
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик статистика комитетиниң берген мағлыўматына қарағанда, 2000-2018-жылларда Қарақалпақстанда туўылыўшылық бойынша мағлыўматларды анализлегенимизде, Қарақалпақстанда 2015-жылы туўылыўшылық ең жоқары көрсеткишке жеткен, яғный бул жылы туўылғанлардың саны 41 345 адамды қураған. Ал, бул жыллар аралығында ең кем туўылыўшылық 2003-жылы байқалған, яғный усы жылы 31 165 адам дүньяға келген. 2000-2018-жыллар аралығында Қарақалпақстанда қыз балаларға қарағанда ер балалардың туўылыўы көбирек ушырасатуғынлығын көриўге болады.
Бул көрсеткишлерди толық төмендеги силтемеге басыў арқалы көриўиңизге болады.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың:
https://t.me/karinformuz


