
Өзбекстан Республикасының «Улыўмалық әскерий миннетлеме ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы Нызамының 21-статьясы, төртинши абзацында «Улыўма билим бериў мектеплеринде, академиялық лицей ҳәм кәсип өнер колледжлеринде билим алып атырған шақырылыўшылар, сондай-ақ, жоқары оқыў орынларында күндизги оқыўда билим алып атырған студентлер оқыўды даўам еттириўи ушын олардың шақырылыў мүддети оқыўды тамамлағанына шекем кешиктириледи» деп келтирип өтилген.
Усы статьяның кейинги абзацына муўапық, жоқары оқыў орынларындағы билимлендириўдиң күндизги ҳәм кешки формаларында билим алып атырған студентлер өз разылығы менен шақырылыў резерви хызметине алыныўы мүмкин. Бунда студентлер бир айлық әскерий жыйынларды өтеўге июль-август айларында тартылыўы мүмкин.
Буннан тысқары, әскерий хызметти өтеўди қәлеўши студентлерге Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланған тәртип тийкарында академиялық дем алыс берилиўи мүмкин.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


