Telegram karinform

Технология

  • 23.10.2019 20:37
  • 1827

Өзбекстанда дәслепки мәрте халық аралық робототехника жарысы өткериледи

Өзбекстанда дәслепки мәрте халық аралық робототехника жарысы өткериледи

Усы жылдың 29-31-октябрь күнлери «Өзэкспоорай» миллий көргизбе комплексинде халық аралық робототехника жарысы өткериледи, деп жазады Инновациялық раўажланыў министрлиги баспасөз хызмети. Үш күн даўам ететуғын жарыста жеңимпазлар 1000 доллардан 6000 долларға шекемги пул сыйлықлары менен сыйлықланады. Жарысқа 24 мәмлекеттен қатнасыўшылар қатнасады.
17-23 жастағы қатнасыўшылар ушын «The First OIC Robotics Challenge» халық аралық робототехника жарысының «Robo-futbol» жөнелисинде 1-орын ушын 6000 АҚШ доллары, 2-орын ушын 4000 АҚШ доллары, 3-орын ушын 2000 АҚШ доллары муғдарында сыйлық бериледи.
«Robo-sumo» жөнелиси бойынша 1-орын ушын 5000 АҚШ доллары, 2-орын ушын 3000 АҚШ доллары, 3-орын ушын 1000 АҚШ доллары берилиўи режелестирилген.
9-16 жас балалар ушын да жарыс шөлкемлестириледи. «Robosumo», «West sort out» ҳәм «Kegelring» жарыслары шөлкемлестирилип, онда Орайлық Азия мәмлекетлеринен 60 қатнасыўшының қатнасыўы күтилмекте.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...