Telegram karinform

Сиясат

  • 28.10.2019 10:35
  • 1495

2022-жылы Өзбекстанда халықтың дизими алынады

2022-жылы Өзбекстанда халықтың дизими алынады

Бирлескен Миллетлер Шѳлкеми 2020-жылда пүткил дүньялық халық ҳәм үй-жай фондын дизимге алыў дәстүрин қоллап-қуўатлаўды итибарға алған ҳалда, халық санын анық есаплап шығылыўын тәмийинлеўди қатаң усыныс етпекте. Бирден-бир есапқа алыў дәўиринде халықтың жынысы, жасы, шаңарақ жағдайы, мағлыўматы, турмыс дәрежеси, жасаў шәраяты, бәнтлиги, миллети, пуқаралығы ҳәмде басқа демографиялық, социал-экономикалық қәсийетлери бойынша жеке тәртипте есапқа алыў ҳәм толық характерлеў мақсетинде, республикамызда 2022-жылда халықты дизимге алыў ислери әмелге асырылады, деп жазады Қанлыкөл районы Статистика бөлими баслығы ӯ.ӯ.а. С.Атаӯбаев.
Бул Президентимиз тәрепинен, усы жылы 5-февральда тастыйықланған «Ѳзбекстан Республикасында 2022-жылда халықты дизимге алыўды ѳткериў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрманда сәўлеленген ҳәм бул бойынша қатар ўазыйпалар белгиленди.
Пәрманға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, сондай ақ, қала ҳәм районлар ҳәкимликлери жанында 2022-жылда халықты дизимге алыўға кѳмеклесиўши аймақлық комиссиялар шѳлкемлестирилди. Олар дизимге алыўға таярлық кѳриў ҳәм оны ѳткериў менен байланыслы илажлардың ѳз ўақтында ҳәмде сапалы орынланыўын тәмийинлеў, процесске жуўапкер бирге ислесиўши шѳлкемлер жумыс искерлиги нәтийжелилигин асырыў, дизимнен ѳткериўге физикалық ҳәм юридикалық шахсларды, олардың мийнетине ис ҳақы тѳлеў мәселелерин шешеди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...