Telegram karinform

Сиясат

  • 31.10.2019 11:36
  • 2017

2019-жылдың 1-ноябринен баслап нелер өзгереди?

2019-жылдың 1-ноябринен баслап нелер өзгереди?

Huqiqiy malimleme telegram каналы 2019-жыл 1-ноябрь сәнесинен баслап жәмийетимизге енгизилетуғын өзгерислер бойынша хабарын жәриялады.

1. Мобиль қурылмалар дизимге алынады.
Өзбекстан аймағында пайдаланылып атырған, сатыў ямаса жеке пайдаланыў ушын алып кирилетуғын ҳәм ислеп шығарылатуғын мобиль қурылмалар физикалық шахслар, импорт етиўшилер ҳәм ислеп шығарыўшы кәрханалардың мобиль қурылмаларды халық аралық өзине сай идентификация кодлары бойынша дизимге алыў системасына мүрәжат етиў арқалы 2019-жылдың 1-ноябринен бийпул, 2019-жылдың 1-декабринен болса пуллы тийкарда дизимге алынады. Толық: http://lex.uz/docs/4517458

2. Есаплағышлар тек ғана МХО ямаса Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы стандарттан өткериледи.
2019-жыл 1-ноябрьден баслап есапқа алыў үскенелерин стандарттан өткериў бойынша мәмлекетлик хызметлер тек ғана мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы әмелге асырылады. Толық: http://lex.uz/docs/4481469

Бунда, есапқа алыў үскенелерин стандартлаў даўамлығы:
  • юридикалық шахслар ушын – 4 жыл;

  • физикалық шахслар ушын – 8 жылды қурайды.


3. Тутынған ата-аналарды таярлаў курслары шөлкемлестириледи.

Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды шаңараққа тәрбияға (патронат) алып атырған ямаса шаңарақлық балалар үйи шөлкемлестирип атырған пуқараларды таярлаў мақсетинде «Меҳрийбанлық» үйлери ҳәм балалар қалашаларында тутынған ата-аналарды таярлаў курслары шөлкемлестириледи. Толық: http://lex.uz/docs/4532493

4. Алкоголь өнимлериниң баҳасы өзгереди.

2019-жыл 1-ноябрьден 1 литр таяр алкоголь өними (пиводан тысқары) ушын ең кем усақлап сатыў ҳәм көтере баҳа тийислилигинше:
вино – 8600 сўм ҳәм 10200 сўм (алдын 8000 сўм ҳәм 9600 сўм);
коньяк – 31 000 сўм ҳәм 36 600 сўм (алдын 29 000 сўм ҳәм 34 600 сўм);
арақ ҳәм басқа алкоголь өнимлери – 22 000 сўм ҳәм 26 000 сўм (алдын 19 400 сўм ҳәм 23 200 сўм) етип белгиленди.

5. Суў хожалығы министрлиги кеңсе ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң ис ҳақысы көтериледи.
Суў хожалығы министрлиги кеңсе ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң базалық тариф ставкаларына 2019-жыл 1-ноябрьден 1,1 ҳәм 2020-жыл 1-январьдан 1,2 муғдарда дүзетиў коэффициентин қоллаў есабына олардың ис ҳақысы көтериледи. Толық: http://lex.uz/docs/4545898

6. Жоқары туристлик потенциаллы пуқаралар жыйынларының дизими дүзиледи.

Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети ең жоқары туризм потенциалына ийе болған пуқаралар жыйынлары дизимин қәлиплестиреди. Сондай-ақ, усы пуқаралар жыйынлары аймақларында 20 дан кем болмаған шаңарақлық мийман үйлери шөлкемлестирилгенде ҳәм туристлер ушын кеминде бес түрли хызмет түрлери көрсетилген жағдайда оларға «Туризм мәҳәллеси», «Туризм аўылы» статусын береди. Толық: http://lex.uz/docs/4474527.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

    Пуқаралық кодекстиң 195-статьясына тийкарланып, қараўсыз ямаса адасып қалған шарўа малларын яки баска қараўсыз үй ҳайўанларын