Telegram karinform

Сиясат

  • 02.11.2019 11:33
  • 1685

Буннан былай жөнелиссиз таксилерди бирдей реңге бояў талап етилмей ме?

Буннан былай жөнелиссиз таксилерди бирдей реңге бояў талап етилмей ме?

«Жеңил автомобильлерде жолаўшыларды тасыў тараўында күтилип атырған жаңалықлар» темасындағы брифингде Ташкент қаласы Транспорт басқармасы баслығы Анвар Жўраевтың билдириўинше, жеңил автомобильлерде жолаўшыларды тасыўды толық нызамластырыў мақсетинде жөнелиссиз такси искерлиги ушын қойылатуғын талапларды әпиўайыластырыў режелестирилген, деп жазады Daryo.uz.
Усы мақсетте Министрлер Кабинетиниң тийисли қарар жойбары ислеп шығылды.
«Қарар жойбарына тийкарланып, жөнелиссиз таксилер ушын белгиленген бирдей реңниң бийкар етилиўи, ижара шәртнамаларын нотариал тастыйықлаўдың орнына мәмлекет салық комитетинен дизимнен өтиў нәзерде тутылмақта. Бул тараўдағы юридикалық шахсларды мәмлекетлик бажы төлеўинен азат етиледи», – дейди Анвар Жўраев.

Мағлыўмат ушын, бул тараў ушын жеңиллик жаратыў мақсетинде усы жылдың апрель айынан баслап юридикалық ҳәм физикалық шахслар ортасындағы ижара шәртнамаларын тастыйықлаў ушын мәмлекет бажы муғдары еки есеге кемейтилди. 1-июльден жөнелиссиз такси ушын талап етилетуғын төлеў терминаллары, есаплағыш таксометр ҳәм радиобайланыс қуралларының орнын басыўшы арнаўлы қосымша қурылмалар (смартфон, планшет)дан пайдаланыўға руқсат берилди.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

        Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады. Тайванлы изертлеўшилер жақын аралықтағы еки

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети