Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.11.2019 12:05
  • 1057

Сапластырылып атырған колледжлердеги әсбап-үскенелер қай жерлерге бериледи?

Сапластырылып атырған колледжлердеги әсбап-үскенелер қай жерлерге бериледи?
Министрлер Кабинетиниң «Жумыслары сапластырылып атырған кәсип-өнер колледжлериндеги үскенелерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәрияланды.
Ҳүжжет тийкарында республикамызда жумыслары сапластырылып атырған кәсип-өнер колледжлери балансындағы сырт ел инвестициялары есабынан жеткерип берилген мини цехлар, устахана әсбап-үскенелери ҳәм оқыў-лабораториялық үскенелери тийисли жоқары ҳәм профессионаллық билимлендириў мәкемелерине баланстан-балансқа өткериледи.

Сондай-ақ, қарар жойбарына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги системасындағы билимлендириў мәкемелери есабындағы сырт ел инвестициялары ҳәм мәмлекетлик бюджет есабынан жеткерип берилген мини цехлар, устахана әсбап-үскенелери, оқыў-лабораториялық үскенелер ҳәм транспорт қуралларын жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң буйрығы тийкарында мүтәжлиги болған билимлендириў мәкемелерине баланстан-балансқа өткериўге рухсат бериледи;
- Үскене ҳәм транспорт қуралларын республикадағы басқа министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлер системасындағы билимлендириў мәкемелерине баланстан-балансқа өткериў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң рухсаты тийкарында әмелге асырылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,