Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.11.2019 11:54
  • 1050

Академик Ҳусниддин Ҳамидов дүньядан өтти

Академик Ҳусниддин Ҳамидов дүньядан өтти
Фото: O\'zA


Өзбекстан Илимлер академиясы академиги Ҳусниддин Ҳамидов 84 жасында дүньядан өтти.
Ҳусниддин Ҳамидов 1935-жылы 5-январьда Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районында туўылған. Қарақалпақ педагогика институтында билим алған. 1967-жылы кандидатлық, 1991-жылы докторлық диссертациясын табыслы қорғаған. 2000-жылдан берли Өзбекстан Илимлер академиясының ағзасы етип сайланған.
«Қарақалпақ тили тарийхы очерклери», «Ески қарақалпақ тилиниң жазба естеликлери», «Бердақ қолжазбалары мийрасы» монографияларының авторы.
Илимпаздың дүньядан өтиў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Президенти ҳәм Ҳүкимет ағзалары кеўил билдирди. Биз де сайтымыз жәмәәти атынан илимпаздың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына кеўил билдиремиз.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры тайынланды

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры тайынланды

    Бүгин, 5-декабр күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шөлкемлестириў мәселелерине арналған жыйналыс болып өтти.

Алымлар көз операцияларының нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллектти жаратты

Алымлар көз операцияларының нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллектти жаратты

    Волгоград мәмлекетлик университети россиялы алымлар жасалма интеллект тийкарында медициналық мәлимлеме системасы модулин ислеп шықты.    Волгоград

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

    Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында мәмлекетимиз басшысы аймақта әмелге асырылып атырған инвестиция