
2019-жыл 7-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ–4512-санлы қарары қабыл етилди.
Оған муўапық, Қарақалпақстан Республикасында шарўашылықты жедел раўажландырыў бойынша комиссия шөлкемлестирилди, деп жазады Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң telegram каналы. Шарўашылықты раўажландырыўдағы исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, шарўашылық тараўына халықты кең тартыў, олардың шарўашылық пенен шуғылланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў Комиссияның тийкарғы ўазыйпаларынан етип белгиленди. Қарар менен Самарқанд ветеринария медицинасы институтының Нөкис филиалы жанында Ветеринария техникумы шөлкемлестирилди.
Филиалдың бакалавриатына 2020/21-2022/23-оқыў жылларында қабыллаў параметрлерин қәлиплестириўде Бозатаў, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қоңырат районларында 5 жыл ислеп бериў шәрти менен усы районлар бойынша мәмлекетлик грант тийкарында айрықша мақсетли қабыллаў көрсеткишлери нәзерде тутылады.
Сондай-ақ, Қарақалпақстанда шарўашылықты раўажландырыўға байланыслы ис-илажлар бағдарламасы тастыйықланды.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


