Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.11.2019 11:37
  • 1465

Шымбай районы ҳәкими П.Ещановтың район исбилерменлерине мүрәжаты

Шымбай районы ҳәкими П.Ещановтың район исбилерменлерине мүрәжаты

Ҳүрметли исбилерменлер! Бүгинги күнде мәмлекетимизде Ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басламасы менен барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Усы реформалардың ең баслы бағдарларынан бири бул- исбилерменлик ҳәрекетин ҳәм киши бизнести раўажландырыўға қаратылған.Исбилерменлеримизге жақыннан жәрдем бериў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, бар болған машқала ҳәм бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў тийкарғы ўазыйпамыздың бири болып есапланады.
Ҳәзирги ўақытта ҳәрекетсиз турған хожалық жүритиўши субъектлердиң ҳәрекетин тиклеў, өзлериниң исбилерменлик жумысын баслап атырған пуқараларды, әсиресе,жасларымызды қоллап-қуўатлаў ҳәм буның нәтийжесинде халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге ерисиўди алдымызға мақсет етип қойғанбыз.
Экономикамыздың раўажланыўында өзлериниң үлкен үлесин қосып атырған ҳүрметли исбилерменлеримиздиң жумысын еледе раўажландырыў, оларға жеңиллетилген кредит қаржылары, жер орынлары ҳәм бос турған объектлерди ажыратып бериў, сондай-ақ,коммунакация тармақларына жалғаныўы ушын иркинишсиз хызмет көрсетиўди тиккелей өзимниң ҳәм сектор басшыларының ең баслы ўазыйпаларымыздан бири етип белгилеп алғанбыз.Себеби,исбилерменлерге зәрүр болған шараятларды жаратып бермей турып елимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың пәраўан турмыста жасаўын тәмийинлей алмаймыз. Ҳүрметли журбасшымыз тәрепинен жаратып берилип атырған имканиятлардан туўры пайдаланған ҳалда, сизлердиң исбилерменлик жумысларыңызда өз шешимин күтип турған машқалаларды унамлы шешиў, зәрүр жағдайларда оларды жоқарыда турыўшы уйымларға алып шығыў сыяқлы жумысларды әмелге асырыўға биз ҳәр дайым таярмыз.
Ҳүрметли исбилерменлер!Елимиз раўажланыўы жолындағы Сизиң басламаларыңызды қоллап-қуўатлаў ҳәм жойбарларыңызды өз ўақтында иске түсириў, өз жумысларыңызды еледе кеңейтиў сыяқлы мүрәжатларыңызды мен район ҳәкими сыпатында барлық ўақытта қоллап-қуўатлайман ҳәмде ҳәр күни Сиз исбилерменлерди туўрыдан-туўры ислесиўге шақырып қаламан.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

    Усы жылдың 25-январь күни Хожели районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы қасындағы асханада жарылыў жүз берген. Бир

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

    Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы ҳәм «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының хызметкерлери тәрепинен