Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.11.2019 20:31
  • 1510

Бозатаў районы ҳәкими М.Т.Қайпановтың район исбилерменлерине мүрәжаты

Бозатаў районы ҳәкими М.Т.Қайпановтың район исбилерменлерине мүрәжаты

Кең имканиятлар аймағына мәрҳамат!
Ҳүрметли исбилерменлер! Бүгинги күни елимизде исбилерменликти раўажландырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша бир қанша жумыслар исленип, олардың мәпин қорғайтуғын жаңа Нызамлар, Пәрманлар ҳәм қарарлар қабыл етилмекте.
Ҳүрметли Президентимиз усы жылдың 7-ноябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисиндебелгилеп берилген ўазыйпаларды толық ҳәм сыпатлы әмелге асырыўда ҳәкимият органлары, хызмет көрсетиўши ҳәм тәмийинлеўши кәрханалар, бәрше буўындағы кәрхана ҳәм шөлкемлер “Ҳәр бир исбилерменге көмекши, ийинлес ҳәм мәдеткермиз” идеясын ортаға таслаған еди. Ҳақыйқатында да мәмлекетимиздиң айдын келешегин жаратыўда бизлер исбилерменликти раўажландырыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў жолы менен ғана ерисемиз.
Сонлықтан, өзлериниң жаңадан исбилерменлик жумысын баслап атырған пуқараларды, соның менен бирге келешегимиз болған жасларды қоллап-қуўатлаў, экономикамыздың раўажланыўында үлкен үлесин қосып киятырған ҳүрметли исбилерменлеримиздиң жумысын және де раўажландырыў ушын оларға жеңиллетилген кредитлер, қолайлы орынлар ажыратыў, буның нәтийжесинде халықтиң бәнтлигин тәмийинлеўге ерисиўди алдымызға мақсет етип қойғанбыз. Көпшиликтиң хабары болса керек, усы жылдың 7-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў иләжлары ҳаққындағы қарары жәрияланып, онда Бозатаў, Мойнақ, Тахтакөпир хәм Коңырат районларын шарўашылыққа қәнийгелестириў белгилеп берилди. Атап айтқанда районымызда ири ҳәм майда шақлы малларды санаат усылында, сондай-ақ, жайлаў ҳәм пишензарларда бағыў, маллар ушын жуғымлы от-жем ислеп шығарыў, шарўашылық өнимлерин қайта ислеўге байланыслы жойбарларды әмелге асырыў ушын жойбар басламашыларына аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жерлерди таңлаў ҳәм аукцион өткерместен Қарақалпақстан Республикасында шарўашылықты жедел раўажландырыў бойынша комиссияның усынысына тийкар ажыратып бериў белгиленди.
Соның менен бирге, бул жойбарларды әмелге асырыў ушын АК «Халық банк» тәрепинен 2019-2020 жылларда сырт ел қаржы институтлары кредит линиялары есабынан 75 млн АҚШ доллары, Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты саласындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги тәрепинен 2020-жылы Азия раўажландырыў банкиниң 50 млн АҚШ доллары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 24-октябрьдеги ПҚ-4498-санлы қарарына муўапық 2020-жылы ўәкилликли банклер тәрепинен «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» бағдарламасы бойынша 291,6 млрд сум, «Жаслар келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде 75 млрд сум муғдарындағы қаржылар ажыратылып турмысқа енгизиледи.
Ҳүрметли исбилерменлер!
Журтбасшымыз тәрепинен халқымыз ушын жаратылып атырған бундай кең имкәниятлардан дурыс пайдаланыўға ҳәмде исбилерменлик жумысларыңызда өз шешимин күтип турған машқалаларды шешиўге, оларды жоқары уйымларға алып шығыўға әмелий жәрдем бериўге район ҳәкимлиги бәрқулла таяр деп айта аламыз. Бул жерде бизлер сизлердиң исбилерменлик жойбарыңызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаймыз. Оларды әмелге асырыўда кеңнен жәрдем берип жойбарыңызды районымыздың ертенги келешеги ҳәм халқымыздың абадан турмысының тийкары деп билемиз. Усы жолда биз сизге ең жақын жәрдемши ҳәм исенимли кепил боламыз. Сиз азиз Халкымызды, өз Ўатанына, шаңарағына садық ҳәр бир инсанды, ҳаял-қызларымызды, жасларымызды бүгинги күнниң кең имканиятларынан пайдаланған ҳалда, елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўына, өз шаңарағының дәраматлылығын арттырып, Ўатанымыз ҳәм шаңарағымыз алдындағы инсаныйлық парызымызды орынлаўда белсене қатнасыўға шақырамыз.

Мүрәжат ушын телефон:
+99 861 415-33-33
@bozataw_uz

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

    Усы жылдың 25-январь күни Хожели районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы қасындағы асханада жарылыў жүз берген. Бир

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

    Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы ҳәм «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының хызметкерлери тәрепинен