28-ноябрь күни Ташкент қаласындағы Өзбекстан мәмлекетлик филармониясының «Түркистан» сарайында улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының республикалық басқышы болып өтти. Бул ҳаққында ҚР Халық билимлендириў министрлиги хабар берди.
ӨзР Халық билимлендириў министрлиги, Мәденият министрлиги, Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси ҳәм Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен биргеликте шөлкемлестирилген таңлаўдың финал басқышына Қарақалпақстан Республикасынан «Юмор», Жиззақ ўәлаятынан «Юлдузлар», Сырдәрья ўәлаятынан «Зўр-зўр», Самарқанд ўәлаятынан «Позитив» ҳәм Ташкент ўәлаятынан «Қибрай юлдузлари» командалары қатнасты.
Таңлаў «Финал мүбәрек» атамасындағы танысыў, биатлон, «Биз оқыған дөретпелер сатирада» ҳәм «До, Ре, Ми, …» музыкалық шәртлеринен ибарат болды. Таңлаў шәртлери бойынша оқыўшылардың ҳәр бир сахналық көринислери 5 ҳәм 6 баллық системада баҳаланып барылды.
Таңлаў жуўмағына муўапық, өзлериниң таланты, зийреклиги ҳәм сахналық мәдениятын көрсете алған Қарақалпақстан Республикасының «Юмор» командасы 1-орынды ийеледи.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz