
Нөкис қаласында «Айдын жол» спорт комплексиниң жанында 5 қабатлы гипермаркет қурылмақта. Бул гипермаркет «Mega Nukus» деп аталып, тийкарынан, ол саўда орайы есапланады. Қурылыс ислери 2017-жылдың февраль айында басланған болып, усы жылдың декабрь айында жуўмақланыўы режелестирилген.


