
Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналының мәлим етиўинше, төмендегилерге баланы мәмлекетлик бақшаларға орналастырыўда жеңилликлер бериледи:
- майыплығы болған адамлардың балалары;
- үш ямаса оннан көп балалары болған шаңарақлардың балалары;
- әскерий хызметкерлердиң ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң балалары;
- студентлер ҳәм педагоглардың балалары;
- жетим балалар ямаса ата-анасының қараўында болмаған балалар;
- басқа мәкемелерден өткерилген балалар;
- әжағалары ямаса әжапалары усы мәкемениң тәрбияланыўшылары қатарында болған балалар.
Бунда усы дизимдеги балаларға бақшада бос орынлар болғанда биринши гезекте жоллама бериледи.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


