
Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан етип көрсетилген.
Оразымбетова Злиха Қдырбаевна – 1972-жылы Қарақалпақстан Республикасы Хожели районында туўылған, миллети қарақалпақ, жоқары мағлыўматлы. 1994-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Журналистика қәнигелигин табыслы тамамлаған.
Мийнет жолын 1994-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик универ-ситетинде оқытыўшы болып ислеўден баслаған. 2008-жылдан баслап кафедра доценти, лаўазымында ислеген. 2013-2019-жыллары кафедра баслығы лаўазымында ислеген. Бүгинги күнде Журналистика кафедрасында доцент лаўазымында ислеп атыр.
2006-жылы «Қарақалпақ күнделикли баспасөзи тилиниң қәлиплесиўи» темасында кандидатлық, 2019-жылы «Қарақалпақ күнделикли баспасөзи тилиниң стильлик өзгешеликлери» темасында докторлық дис-сертациясын табыслы қорғаған. 1 монография, 5 оқыў қолланбасы ҳәм 70 тен артық илимий мақалалардың авторы. Оның илимий мийнетлери Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Индия, Япония мәмлекетлериниң басылымларында жәрияланған.
Өзбекстан Экологиялық партиясының ағзасы.
Оразымбетова Злиха Қдырбаевна бүгинги күнде Президентимиздиң алып барып атырған сиясатының әҳмийетин, Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер Стратегиясының мазмунын ҳәм социаллық әҳмийетин терең өзлестирген.
Қарақалпақстан Республикасы районларында халық арасында мәмлекетлик сиясатты үгит-нәсиятлаўда, жас әўладтың экологиялық ҳәм эстетикалық мәдениятын арттырыўға, ана тәбиятқа болған итибар ҳәм меҳир-муҳаббатын оятыўға, оларды Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға үлкен әҳмийет қаратқан. Журналистика кафедрасы қасында шөлкемлестирилген «Жас журналистлерди таярлаў клубы» менен журналистлер арасында экологиялық таңлаўлар, республикамыздың түрли орынларына экологиялық саяхатлар өткермекте. Республика телевидение ҳәм радиосы, сондай-ақ, Интернет сайтлары арқалы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, халықтың экологиялық ҳәм информациялық мәдениятын раўажланды-рыўға бағышланған пикирлерин кең жәмийетшиликке усынып келмекте.
Оразымбетова Злиха Қдырбаевна шөлкемлестириўшилик ҳәм жетекшилик қәбилетине ийе. Кәсиплеслерин ҳәм жасларды бир идея астында бирлестире алады. Кәсиплеслери оны ҳүрмет етеди ҳәм жетекшилик қәбилетин жоқары баҳалайды.
Оразымбетова Злиха Қдырбаевна партияның сайлаў алды бағдарламасы идеяларынан келип шығып, төмендеги мәселелерди сайлаў алды бағдарламасына киргизген:
• Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда, күнделикли турмысымызда ашық айдынлық принциплерин күшейтиў;
• Ана тәбиятымызды қорғаў ҳәм инсанлар арасында экологиялық мәдениятты раўажландырыў;
• Бүгинги күнде ҳәм келешекте қоршаған орталықтың, атмосфераның тазалығын сақлаўды тәмийинлеў;
• Халқымыздың таза ишимлик суўдан пайдаланыў талапларын қанаатландырыўға байланыслы мәселелерди ғалаба хабар қураллары арқалы көтерип шығыў;
• Экологиялық машқалаларды шешиў-де тараўға тийисли нызамшылықты жетилистириў;
• Экологиялық жақтан таза инновациялық технологияларды ендириўди қоллап-қуўатлаў арқалы жаңа ис орынларын жаратыў;
• Қарақалпақстан Республикасы аймағында «Жасыл қапламалар» бағдарламаларын алдынғы шет ел тәжирийбелери тийкарында турмысқа ендириў;
• Халықтың экологиялық ҳәм басқа да тараўларға тийисли талапларын қанаатландырыўда ғалаба хабар қураллары, Интернет ҳәм социаллық тармақлар менен бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм информациялық мәдениятты раўажландырыў.
Оразымбетова Злиха Қдырбаевна шаңарақлы, өмирлик жолдасы ҳәм еки перзенти бар.
Тахтакөпир районы 61-санлы «Бозжап» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси депутатлығына талабан болып дизимге алынған.
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ ДЕПУТАТЛЫҒЫНА 61-«БОЗЖАП» САЙЛАЎ ОКРУГИНЕН ТАЛАБАН ОРАЗЫМБЕТОВА ЗЛИХА ҚДЫРБАЕВНАҒА ДАЎЫС БЕРИЎГЕ ШАҚЫРЫП ҚАЛАМЫЗ!
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


