Telegram karinform

Сиясат

  • 19.12.2019 16:21
  • 1749

Өзбекстан «Адолат» социал–демократиялық партиясынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан ИБРАГИМОВ РАХМЕТ МАМУТОВИЧ

Өзбекстан «Адолат» социал–демократиялық партиясынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан ИБРАГИМОВ РАХМЕТ МАМУТОВИЧ
Ибрагимов Рахмет Мамутович, 1967-жылы Қарақалпақстан Республикасы Хожели районында туўылған. Миллети – өзбек. Мағлыўматы – жоқары. 1991-жылы Ташкент Политехника институтын тамамлаған. Қәнигелиги – қурылыс-технолог инженер. Өзбекстан «Адолат» СДП ағзасы.
Ибрагимов Рахмет Мамутович 1986-1988 жыллары армия қатарында рядовой болып хызмет еткен. 1991-жылы офицер запас лейтенант званиясын алды. Мийнет жолын 1991-жылы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Жеке меншик жай қурылыс (ИЖС) басқармасына қараслы Хожели районы 2-қурылыс бөлимине инженер ПТО қәнигелиги бойынша жумысқа орналасқан. 1991-2001 жыллары усы басқармаға қараслы кәрханаларда ҳәр түрли лаўазымларда ислеген. 2001 жыл “Давр қурылыс” ЖШЖ директоры болып жумыс алып барған. 2009-жылы Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң сыртқы бөлими экономист қәнигелигин питкерген. 2009-2010 жыллары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Үй-жай Коммунал тараўын раўажландырыў департаменти Нөкис қаласы басқармасы баслығы болып ислеген. 2010-2018 жыллары “Давр қурылыс” ЖШЖ директоры лаўазымында ислеген.
Ибрагимов Рахмет Мамутович 2018-жылдан баслап, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы “Обод қишлоқ” ва “Обод маҳалла” дирекциясы баслығының биринши орынбасары лаўазымында ислеп келмекте.
Ибрагимов Рахмет Мамутович өз сайлаўалды бағдарламасында мектепке шекемги билимленлириў мәкемелери хәм улыўма билим бериў мектеплеринде алып барылып атырған шараятлар менен танысып барыў, оларды қадағалаў астына алыў, балалар ушын тәлим тәрбия ислерин, медицина хызметин талап етип атырған стандартлар дәрежесине көтериў, мектепке шекемги билимленлириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша тийисли нызамшылық, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерине усыныслар таярлаў бойынша ўазыйпаларды белгилеп алған.
Сондай-ақ, жаслар сиясатын әмелге асырыўда даўам етиў, жасларды хәр тареплеме қоллап-қуўатлаў, жаслар аўқамы искерлигин асырыў, жаслардың үй-жай ҳәм турмыс дәрежесин жақсылаў, мәмлекет ҳәм жамийет басқарыўына байланыслы көплеген мәслелерди устаз-шәкирт дәстүрлерине әмел еткен ҳалда замангөй креатив пикирлеўши, ҳәрекетшең жас кадрларға исенип тапсырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер орын алған.
Шаңарақлы, 4 перзенти бар.

Ибрагимов Рахмет Мамутович Нөкис қаласындағы 3-санлы «Медицина» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан етип дизимге алынған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал