Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.12.2019 12:12
  • 1456

Нөкисли муғаллим сырт елли бийтаныс адамға 165 миллион сумнан аслам пулын өткерип, алданып қалды

Нөкисли муғаллим сырт елли бийтаныс адамға 165 миллион сумнан аслам пулын өткерип, алданып қалды
Нөкис қаласындағы мектеплердиң биринде муғаллим болып ислейтуғын Г.П. интернет тармағы арқалы «Марк Роберт» исимли адам менен танысып қалады. Бийтаныс адам оған АҚШта жайласқан абырайлы компанияға жумысқа киргизип бериўин айтып, исенимине киреди. Бул ҳаққында «Postda.uz» хабар берди.
Сада ҳәм исениўшең муғаллим июнь-август айлары даўамында ҳүжжетлер, виза, жолкирей ҳәм басқа «қәрежетлер» ушын улыўма 165 миллион 323 мың сум пулын халықаралық пул өткермелери арқалы Нигерия мәмлекетиндеги есап бетлерине өткерип жибереди. «Марк Роберт» болса усы күнге шекем берген «ўәде»син орынламаған.
Ҳәзирги ўақытта жынаятты әмелге асырған адамды анықлаў ҳәм услаў шаралары көрилген.
Жағдай бойынша жынаят иси ашылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,