Telegram karinform

Сиясат

  • 26.12.2019 16:10
  • 2140

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине өткерилген сайлаўлардың дәслепки нәтийжелери жәрияланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине өткерилген сайлаўлардың дәслепки нәтийжелери жәрияланды
Орайлық сайлаў комиссиясы жанындағы Баспасөз орайының Қарақалпақстан бөлиминиң мәлим етиўинше, сиясий процесте Ўатанласларымыз конституциялық ҳуқықы, пуқаралық миннети, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформаларға мүнәсибетинде белсендилик көрсетти. Қарақалпақстан Республикасында болып өткен сайлаўларға 771 494 сайлаўшы қатнасты. Бул улыўма сайлаўшылар санының 77,2 процентин қурайды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына сайлаў өткериўши 65 сайлаў округиниң 63 инде депутатлар сайланды.

Соның ишинде:

-Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан 20;
-Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан 13;
-Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан 6;
-Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан 14;
-Өзбекстан экологиялық партиясынан 10 депутат сайланды.

Қалған 2 округте қайта даўыс бериў өткерилетуғынлығы мәлим болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутлығына сайланғанлардың 20 сын ҳаял-қызлар қурайды.

Сайлаў өткериўши 2 округте талабанлардың биреўи де жетерли муғдарда даўыс алалмағанлығы себепли, усы округлерден депутатлар сайланбады ҳәм оларда қайта даўыс бериў нызамшылығымызға бола, 2020-жылдың 5-январь күни өткерилетуғынлығы мәлим болды. Қайта даўыс бериўде сайлаўшылардың даўысын басқа талабанға қарағанда көбирек даўыс алған талабан сайланған деп есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў жуўмақлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары баспасөзде жәрияланады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал