
2019-жыл 27-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлиминиң ҳәкимшилик әмелият бөлимшеси алдында пуқаралардың жәрийма пулларын төлеў ушын нәўбетте турғанлығы ҳәм саат 10:00 болыўына қарамастан, имаратта ҳәкимшилик әмелият хызмети хызметкерлери жумыс орнына келмей атырғанынан наразы болып атырғаны сәўлеленген видеокөринислер тармақлар арқалы тарқалған еди.
ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, 2019-жылдың 27-декабрь күни саат 09:00 де министрликтиң Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы және 1-мобилизациялық топары менен Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлиминиң хызметкерлерине «бодикамера»ларды тарқатыў, оларды қолланыў тәртибин түсиндириў мақсетинде жыйналыс өткерилген. Сол себепли, ҳәкимшилик әмелият бөлимшесиниң хызметкерлери тәрепинен пуқараларды қабыл етиў саат 10:30 дан басланған.
Бөлимше алдында жәрийма пулларын төлеў ушын топланған пуқараларға басқарманың басшы хызметкерлери барып, жоқарыда атап өтилген жағдайларды түсиндирип, бөлимше хызметкерлери тәрепинен олардың мәселелери унамлы шешилетуғынлығы қадағалаўға алынған ҳәм саат 12:15 ке шекем барлық пуқаралар қабыл етилген.
Бөлимшеде пуқараларды қабыллаў ҳәр күни 09:00 ден баслап әмелге асырылып атырғаны хабарда атап өтилген.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


