Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.01.2020 11:24
  • 1740

1-февральдан баслап мийнет ҳақы, пенсия ҳәм стипендиялар муғдары көбейе ме?

1-февральдан баслап мийнет ҳақы, пенсия ҳәм стипендиялар муғдары көбейе ме?
«2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамның орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
«Ҳуқуқий ахборот» каналының мәлим етиўинше, қарар тийкарында 2020-жыл 1-февральдан баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар, напақалар және кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем муғдары 1,07 есеге көбейтиледи.

2020-жыл 1-февральдан баслап республика аймағында:
- мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 679 330 сум;
- пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 238 610 сум;
- жасқа байланыслы ең кем пенсиялар – айына 466 680 сум;
- балалықтан майыплығы болғанларға берилетуғын напақа – айына 466 680 сум;
- зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа – айына 286 390 сум етип белгиленди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...