Telegram karinform

Технология

  • 15.01.2020 12:44
  • 1956

2020-жылда Нөкис қаласында «Жаслар технопарки» шөлкемлестириледи

2020-жылда Нөкис қаласында «Жаслар технопарки» шөлкемлестириледи
Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында 2020-жылда «Жаслар технопарки» шөлкемлестириледи. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Жаслар академиясының жумысларын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбарында атап өтилген.

Технопарктиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары төмендегилерден ибарат:
- аймақларда Жаслар академиясының жумысларын раўажландырыў және жергиликли ҳәкимият уйымлары, билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий шөлкемлер менен биргеликте жаслардың илимий ҳәм дөретиўшилик потенциалын арттырыў;
- аймақларда жаслардың аналитикалық пикирлеў, оларды илимий изертлеў ҳәм инновациялық жумысларға кеңнен тартыў, қәбилетли, интакер жаслардың өз интеллектуал потенциалын көрсетиўи ҳәм социаллық ийкемлесиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў;
- жаслардың стартап-жойбарларды раўажландырыў ҳәм оларды әмелге асырыў ушын бирден-бир майдан шөлкемлестириў арқалы адамлардың инновациялық потенциалын арттырыў;
- заманагөй талапларға жуўап беретуғын тәжирийбели кадрларды таярлаў, сондай-ақ, аймақларды сапалы жоқары технологиялы өнимлер ҳәм хызметлер менен тәмийинлеў мақсетинде илим, билимлендириў ҳәм ислеп шығарыў интеграциясын тереңлестириў;
- қәбилетли жаслардың раўажланған сырт еллердиң абырайлы илимий орайлары, университетлери, технопарклары ҳәм өндирислик кәрханаларында тәжирийбе арттырыўына көмеклесиў;
- жетекши компаниялардың ўәкиллери, тәжирийбели қәнигелер ҳәм экспертлер қатнасыўында тренинглер ҳәм мастер-классларды, сондай-ақ, жасларда әмелий көнликпелерди қәлиплестириў ҳәм ислеп шығарыўшылар менен инновациялық-корпоративлик байланысларды жолға қойыў мақсетинде илимий-техникалық конференция, семинар, оқыў курслары ҳәм тренинглер шөлкемлестириў;
- қәбилетли жаслар тәрепинен усыныс етилген әҳмийетли бағдарлар бойынша жойбарларды сайлап алыў және Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен темаға байланыслы грантлар бериў бойынша жәрияланып барылатуғын таңлаўларға бағдарлаў;
- илимий-техникалық, инновациялық ҳәм стартап-жойбарларды әмелиятқа енгизиў мақсетинде жоқары оқыў орынларының илимий хызметкерлери, профессор-оқытыўшы ҳәм студентлерин шәртнама тийкарында оқытыў.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити