Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.01.2020 15:06
  • 1478

Жыңғыл өсимлигин шаўған пуқара жәриймаға тартылды

Жыңғыл өсимлигин шаўған пуқара жәриймаға тартылды
Усы жылдың 13-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң мәмлекетлик инспекторлары тәрепинен экологиялық рейд өткерилди. Бул ҳаққында комитеттиң баспасөз хызмети хабар берди.
Рейд нәтийжесинде Кегейли районында жасайтуғын пуқара Б.С. тәрепинен мәмлекетлик белгиси 95 Х 738 CA болған ГАЗ-53 автомашинасында нызамға қайшы түрде Нөкис қаласындағы «Таслақ» елаты аймағынан 8 метр кублық жыңғыл өсимлигин шаўып, машинасына жүклеп баратырған ўақтында иркилди.
Жағдай бойынша нызамға қайшы ҳәрекет еткен пуқараға тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 79-статьясының 1-бөлими тийкарында 1 115 000 сум жәрийма ҳәм тәбиятқа жеткерилген зыянды қаплаў ушын 535 200 сум есапланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар