Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.01.2020 15:43
  • 1183

Қарақалпақстандағы 161 мәкан пуқаралар жыйынында улыўма жынаят жүз бермеген

Қарақалпақстандағы 161 мәкан пуқаралар жыйынында улыўма жынаят жүз бермеген
Өткен 2019-жылда Қарақалпақстан Республикасында улыўма жынаятлар 2018-жылға салыстырғанда 5% ке, жынаят-излеў тараўындағы жынаятлар 18% ке кемейген. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов бүгин, 16-январь күни болып өткен баспасөз конференциясында айтып өтти.
- Республикамыздағы улыўма 411 мәкан пуқаралар жыйынларынан 96 сында жынаятлар саны кемейген болса, 161 пуқаралар жыйынында бирде-бир жынаят жүз бермеди, - деди А.Темирханов.
Хош, бундай нәтийжелерге қалай ерисилди?
Ишки ислер министри бул мәселеде тек ғана орынлардағы профилактикалық инспекторлардың күни-түни алып барған тынымсыз мийнетлери емес, соның менен бирге, адамлардың «қәўипсизликти тәмийинлеў тек инспекторлардың жумысы» деп ойлап қалмастан, болып атырған ўақыяларға деген қатнасы ҳәм көзқарасларының өзгергенлиги, олар да жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға үлкен жәрдем берип атырғанын айырықша атап өтти.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотосүўрети.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

    Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма