Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.01.2020 16:08
  • 1282

Бозатаўда бирде-бир жынаят жүз бермеди. Қайсы районларда жынаятшылық көбейген?

Бозатаўда бирде-бир жынаят жүз бермеди. Қайсы районларда жынаятшылық көбейген?
2019-жыл даўамында Бозатаў районында бирде-бир жынаят жүз бермеди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов бүгин, 16-январь күни болып өткен баспасөз конференциясында айтып өтти.
Нөкис қаласында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар 2018-жылға салыстырғанда 19%, Тахтакөпир, Қараөзек районларында 30-35% ке азайған болса, Мойнақ ҳәм Беруний районларында керисинше, жынаятшылық бираз көбейген.
- Орынларда ҳаял-қызлар мәселелери бойынша профилактикалық аға инспекторлары лаўазымларының шөлкемлестирилгенлиги ҳәм алып барылған үгит-нәсият, профилактикалық жумыслар нәтийжесинде республикамыз бойынша ҳаял-қызлар қатнасыўындағы жынаятлар ҳәм ҳуқықбузарлықлар 30% ке кемейиўине ерисилди, - деп айтып өтти Ишки ислер министри.
Конференцияда атап өтилиўинше, Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан көлеминде жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бағдарында алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги бойынша ең үлгили 5 аймақтың бири болып табылады.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотосүўрети.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

    Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер