Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.01.2020 18:22
  • 1674

Нөкисли пуқара ишки ислер уйымы хызметкерине 1 200 доллар муғдарында пара бермекши болды

Нөкисли пуқара ишки ислер уйымы хызметкерине 1 200 доллар муғдарында пара бермекши болды
Усы жылдың 15-январь күни Нөкис қаласы турғыны А.И. Нөкис қалалық ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы 5-санлы ишки ислер бөлиминиң баслығы, подполковник А.Бекмуратовқа пара бермекши болды.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, пуқара А.И. подполковник А.Бекмуратовқа Тергеў бөлимшеси тәрепинен Жынаят кодексиниң 168-статьясы 2-бөлими ҳәм 228-статьясы 2-бөлими менен ашылған ҳәм тергеў ҳәрекетлери алып барылып атырған жынаят исин унамлы шешип бериўи ушын 1 200 АҚШ доллары муғдарында пара усыныс еткен.
Пуқара А.И. усыныс еткен пулдың 300 АҚШ долларын пара сыпатында берип атырған ўақтында ҚР Прокуратурасы, ӨзР ИИМ Өз қәўипсизлиги басқармасы ҚР бойынша бөлими ҳәм жынаят излеў басқармасы хызметкерлери тәрепинен айғақлы дәлиллер менен қолға алынған.
Жүз берген жағдай бойынша Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен Жынаят кодексиниң 211-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...