Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.01.2020 11:38
  • 1053

Суд Хожели районында пахта терими мәўсиминде мектеп директорларына белгиленген ҳәкимшилик жазаны бийкар етти

Суд Хожели районында пахта терими мәўсиминде мектеп директорларына белгиленген ҳәкимшилик жазаны бийкар етти
Хожели районлық ҳәкимшилик суды 2019-жылдағы пахта жыйын-терим мәўсиминде мәжбүрий мийнетке жол қойған деп табылған ҳәм ҳәкимшилик жәриймаға тартылған Қарақалпақстан Республикасы Хожели районындағы 7-, 8-, 9- ҳәм 31-санлы улыўма билим бериў мектеплериниң директорларына тайынланған жазаны бийкар етти. Бул ҳаққында ҚР Халық билимлендириў министрлигине тийкарланып «Газета.uz» хабар берди.
Атап өтилиўинше, халық билимлендириў министриниң қадағалаў-ҳуқықый хызмети тәрепинен усы жумыслар үйренип шығылған ҳәм мийнет-ҳуқық инспекторлары асығыста кемшиликлерге жол қойғаны анықланған.
Мийнет-ҳуқық инспекторлары мағлыўматларды қаншелли мәжбүрий мийнетке байланыслы екенлигин үйренбестен, мәжбүрий мийнет жүз бермеген жағдайлар бойынша протоколларды рәсмийлестирип, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 51-статьясы 1-бөлими менен ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ҳаққында тийкарсыз қарарлар қабыл еткен.
Хожели районындағы мийнет инспекторлары Л.Қ. ҳәм Ж.К.лардың 7-, 8-, 9- ҳәм 31-санлы улыўма билим бериў мектеп директорларына ең кем айлық мийнет ҳақының он есеси муғдарында ҳәкимшилик жәриймаға тартыў ҳаққындағы қарарларынан наразы болған мектеп директорлары Хожели районлық ҳәкимшилик судына мүрәжат еткен.
Хожели районлық ҳәкимшилик суды усы мүрәжатты 2019-жыл 3-декабрь күни көрип шыққан ҳәм инспекторлар тәрепинен шығарылған қарарларды бийкар еткен.
Еслетип өтемиз, ӨзР Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги 2019-жылдағы пахта жыйым-терими мәўсиминде мәжбүрий мийнетке жол қойғаны себепли ҳәкимшилик жәриймаға тартылған адамлардың дизимин жәриялаған еди. Дизимнен улыўма 43 адам орын алған болып, олардың 7 ўи Қарақалпақстаннан, соның төртеўи Хожели районындағы мектеп директорлары екенлиги ҳаққында хабар берген едик.

Ислам Матеков.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў