Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.01.2020 14:01
  • 902

«Webometrics» халықаралық рейтинг системасында ТашПМИ Нөкис филиалы веб-сайты екинши орынға көтерилди

«Webometrics» халықаралық рейтинг системасында ТашПМИ Нөкис филиалы веб-сайты екинши орынға көтерилди
2020-жыл январь айында жәрияланған «Webometrics» халықаралық рейтинг системасында Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалының веб-сайты Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынлары бойынша екинши орынды ийелеп, мәмлекетимиздиң ең үлгили жоқары оқыў орынлары қатарына кирди. Бул ҳаққында филиал баспасөз хызмети хабар берди.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде халықаралық стандартларға сәйкес жас кадрларды таярлаў ушын барлық имканиятлар жаратылған. ТашПМИ Нөкис филиалы 10 нан аслам абыройлы сырт ел жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўди жолға қойғаны буған бирғана мысал. Сондай-ак, филиалда Россия Федерациясы ҳәм Қубла Корея менен биргеликте ашылған халықаралық факультет, заманагөй тәризде бой көтерген Ҳалықаралық жоқары технологиялық инновациялық клиника, қоспа халықаралық илимий, магистратура бағдарламаларының бар екенлигин айтып өтиў лазым.
Соны да айтып өтиў керек, «Webometrics» халықаралық рейтинг системасы (Webometrics Ranking of World Universites) Испанияда 2004-жылы шөлкемлестирилген ҳәм бүгинги күнде дүнья көлеминде ең абырайлы халықаралық еркин илимий рейтинг системасы есапланады. Жоқары оқыў орынларының рейтинг нәтийжелери, илимий ислери, илимий мақалалары, веб-сайт сапасы ҳәм басқа да еркин көрсеткишлер арқалы экспертлер топары тәрепинен белгиленеди.
- Халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алыныў аңсат емес. Webometrics – бул демократия ҳәм жумыстағы ашық-айдынлықты баҳалаў, халықаралық басылымларда ҳәм халықаралық рейтинг журналларында басып шығарылған илимий жумысларымызға берилген баҳа. Енди биз тәлим сапасы ушын гүресиўимиз керек! Бул және бир көрсеткишлер, және бир рейтинг системасы, – дейди филиал директоры, медицина илимлериниң докторы, профессор Орал Атаниязова.
Еслетип өтемиз, 2019-жыл август айында жәрияланған «Webometrics» халықаралық рейтинг системасында ТашПМИ Нөкис филиалы веб-сайты Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынлары бойынша 3-орынды ийелеген еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити