Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.01.2020 11:52
  • 1423

Пенсия жасы өзгериўи күтилип атырғаны рас па?

Пенсия жасы өзгериўи күтилип атырғаны рас па?
Өзбекстанда пенсия тәмийнаты солидар системада ислейди: ҳәзирги ўақытта ислеп атырғанлар есабынан пенсия жасына шыққанлар ушын пул төленеди. Бирақ, система басқышпа-басқыш өзгериўи күтилмекте, - деп айтып өткен Пенсия қорының атқарыўшы директорының биринши орынбасары Медет Тлеуов. Бул ҳаққында «Газета.uz» хабар берди.
М.Тлеуовтың мәлим етиўинше, мәмлекетте дерлик 15 миллион экономикалық белсенди пуқара болып, олардың тек 5 миллионға шамалас бөлеги салықларды рәсмий түрде төлемекте, яғный дәраматларын жасырмастан көрсетеди. Сол себепли, пенсия тәмийнаты системасы бүгинги күнде салық төлеўшилердиң қуўатлылығына үзликсиз байланысқан.
Пенсия қоры ўәкилиниң атап өтиўинше, Өзбекстанда мәмлекетлик пенсия тәмийнаты 3 басқышлы системаға алмастырылыўы күтилмекте.
- Пенсия сиясаты тек ғана бир пенсия системасына тийкарланып қалмаўы керек. Сол себепли, раўажланған еллерде ҳәр еки системадан пайдаланыўға тийкарланған 3 басқышлы пенсия системасы қәлиплести: мәмлекетлик пенсия, жыйналып барылатуғын пенсия және ықтыярлы пенсиялық қамсызландырыў, - деп айтып өткен М.Тлеуов.
«Газета.uz» бенен сөйлескен ҳүкиметтеги дәректиң атап өтиўинше, мәмлекетте пенсия жасын көтериўден басқа илаж жоқ, бирақ бул эволюциялық усылда болады.
- Еркеклерге 62, ҳаялларға 58 жасты пенсияға шығыў дәўири етип белгилеў нәзерде тутылмақта. Бирақ, өзгерис бирден ҳәммеге енгизилмейди. Ол басқышпа-басқыш, халықтың социаллық қорғалыўын ойлап, эволюциялық түрде әмелге асырылады, - деген веб-сайттың дәреги.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда мәмлекетлик пенсия системасын раўажландырыў ҳәм жаңалаў бойынша концепция жойбары усы жылдың апрель айына шекем жәрияланыўы күтилмекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар