Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.11.2017 16:43
  • 2055

«Бердақ бабамыз – Ўатан жыршысы» таңлаўының жеңимпазлары анықланды



Бердақ атындағы Қаракалпақ мәмлекетлик университетинде уллы шайыр ҳәм ойшыл Бердақ Ғарғабай улының 190 жыллығына байланыслы «Бердақ бабамыз – Ўатан жыршысы» атамасында факультетлердеги қәбилетли студентлер арасында шығармалар таңлаўы жәрияланған еди. Кеше, 21-ноябрь күни университетимиздиң мәжилислер залында усы таңлаўдың соңғы шәртлери орынланды ҳәм таңлаў жеңимпазлары жәрияланды.



Мақалалар таңлаўы бойынша жеңимпазлар:
1-орын

Балтабаева Наргиза

2-орын

Бегжанова Гәўҳар
Қосымбетова Айгүл
Сотимова Ҳаётхон

3-орын
Пирназаров Нурназар
Нарманова Разия
Давлетмуратова Шахсанем



Қосықлар таңлаўы бойынша
1-орын

Караматдинова Нуржамал
Жолдасбаев Базарбай

2-орын
Балтабаева Наргиза
Әлимбетова Муслима

3-орын
Нурбекова Нурсулыў
Шарипбаева Назокат
Дошмуратова Айсулыў

Мақалалар ҳәм қосықларды баҳалаўда теманың идеялық мазмуны, образлар ҳәм көркемлик белгилериниң толық ашып берилгенлиги, еркин пикириниң сәўлелендирилиўи, теманы сәўлелендириўде өзине тән дөретиўшилик қәбилетин көрсете билиўи, дөретиўшилик жумысларын жазыўда стилистикалық ҳәм грамматикалық жақтан дурыс жазылыўы, темаға байланыслы машқалалы мәселелер ҳәм оларды шешиўге қаратылған усыныслардың билдирилиўи сыяқлы критериялар басшылыққа алынды.



Илаж соңында барлық студентлер Бердақ бабамыздың музейине барып, ол жердеги экспонатлар менен танысты.
Барлық жеңимпазларды қутлықлаймыз, оқыўларында табыс тилеп қаламыз. Жеңимпазлар Бердақ бабамызға арнап өткерилетуғын конференция күни сыйлықланады.



Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда

Қарақалпақстандағы бензин заправкаларындағы нызам бузылыў жағдайлары ҳаққында мағлыўмат берилди

Қарақалпақстандағы бензин заправкаларындағы нызам бузылыў жағдайлары ҳаққында мағлыўмат берилди

    Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги тәрепинен автомобильлерге жанармай қуйыў шақапшаларында тутыныўшыларға жеткерип берилип атырған автобензинниң сапа

6-январь – Қарақалпақтың туңғыш академиги Марат Нурмухамедов дүньяға келген күн

6-январь – Қарақалпақтың туңғыш академиги Марат Нурмухамедов дүньяға келген күн

    Қарақалпақтың туңғыш академиги, филология илимлериниң докторы, профессор, белгили алым Марат Көптилеўович Нурмухаммедов 1930-жыл 6-январьда Төрткүлде