Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.01.2020 16:41
  • 1026

Ҳәр бир район орайында математика пәнине қәнигелескен мектеп шөлкемлестириледи

Ҳәр бир район орайында математика пәнине қәнигелескен мектеп шөлкемлестириледи
Президент Шавкат Мирзиёев илимпазлар, илимий изертлеў мәкемелериниң басшылары ҳәм өндирислик сектор ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.
Президент илимпазлар менен ушырасыўында математика илиминиң әҳмийети ҳаққында айтып, жасларды усы илимге қызықтырыўды күшейтиў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берди.
- Математика барлық анық илимлердиң тийкары. Бул пәнди жақсы билген бала ақыллы, ойлаў шеңбери кең болып өседи, қәлеген тараўда нәтийжели жумыс ислеп кетеди, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Ҳәр бир район орайында биреўден математика пәнине қәнигелескен мектеп шөлкемлестирилип, оларда ислейтуғын муғаллимлерге қосымша үстеме ҳақылар төлеў бойынша көрсетпе берилди. Усы мәкемелерде оқыў процесин илимий-методикалық жақтан тәмийинлеў ушын Илимлер академиясының Математика институты және Халық билимлендириў министрлиги жуўапкер етип белгиленди.
Математика пәни бойынша оқыўшы, студент ҳәм муғаллимлер арасында ҳәр қыйлы таңлаўлар өткерип, жеңимпазларды мүнәсип хошаметлеў, олимпиада системасын жетилистирген ҳалда сыйлы орын ийелерине берилетуғын сыйлықларды көбейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

        Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады. Тайванлы изертлеўшилер жақын аралықтағы еки