Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.02.2020 15:11
  • 2061

Устаз журналист Пердегүл Хожамуратова кәсиплеслерине мүрәжат жоллады

Устаз журналист Пердегүл Хожамуратова кәсиплеслерине мүрәжат жоллады
Қарақалпалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Пердегүл Хожамуратова кәсиплеслери болған журналистлерге мүрәжат жоллады. Төменде мүрәжатты толығы менен нәзериңизге усынып атырмыз.

ҚӘЛЕМЛЕСЛЕРИМЕ МҮРӘЖАТ

Ҳәзирги ўақытта жасы үлкен әўлад ўәкиллери де социаллық тармақларда жәрияланып атырған жаңалықлардан сыртта қалып атырған жоқ. Жақсы жаңалықларға қуўанып, кеўилсизликлерге жанымыз ашыйды. Гейде ысырып қойған қәлемимизди қолға алыўға түртки болатуғын пикирлер де жәрияланып турады.
Ғалаба хабар қураллары арасында күнделикли басылымларға итибардың кемейиўи, дус келип атырған машқалалары, журналистлердеги түскинлик, қоллап-қуўатлаўға мүтәж болып турған бир ўақытта айырым кәсиплеслеримиздиң (басқа тараў ўәкиллери болса да ҳеш гәп) газеталарға жазылыў мәжбүрий емес, жазылғанлар қәлеўи менен жазылып атырғанына гүманымыз бар, егер жазылың деп мәжбүрлесе, ботымызға жазып жибериң, деп гиж-гижлеўи (бурын пайдаланбаған сөзимди қолланғаныма басқалардан кеширим сорайман) нырққа сыятуғын жағдайлар емес.
Қашаннан бери газета-журналлар жәмийетке кесири тийетуғын, жаслардың тәрбиясын бузатуғын, жас балалардың билим алыўына, ақылы жетилисиўине кери тәсир көрсететуғын қуралға айланып қалды? Қашаннан бери газета-журналлар адамлардың пикирлеў дүньясының тарайыўына хызмет етипти?
Ҳақыйқатын айтсам, социаллық тармақлардың биринде «Газета өлди ме?» деген темаға көзим түсип, денем түршигип кетти. Дәрҳал авторына қарадым. Бундай кескин пикирди тараўдың уңқыл-шуңқылын жақсы билетуғын биреў таллап жазған шығар деген ойда едим. Жас журналистлер ҳәм блогерлер клубының ағзасы Айдана Алламбергенова деген қыз екен.
Дурыс ҳәркимниң түсиниги, пикирлеў дүньясы, мәденияты, қәдириятларымызға қатнасы ҳәр қыйлы. Мен блогерлердиң жумысынан жәриялап атырған материаллары арқалы ғана азы-кем хабарлыман. Оларға блогерлер клубында не үйретилетуғынын билмедим дә, бирақ, темаң, айтар сөзиң ерси болса да, таллаўға шамаң келмесе де жаза бер демейтуғын шығар? Қалай болғанда да, жас ғана қыздың газеталарға «өлди ме?» деген сөзди арқайын қосып отырғанын кеўлимизге жайғастыра алмай атырмыз.
Буның себеби көп. Бизлер ҳәрип танығаннан баслап «Жеткиншек»ти оқыған, ҳәр санын асығыслық пенен күткен, онда жәрияланған жумбақларды класымыз бенен жабырласып шешкен, ертеклерин досларымыз бенен таласып оқыған әўладпыз. Балалығымызда бизлерди китапханаға жетелеген, ертеклерге, киши-киши китапларға қызықтырған «Жеткиншек» болды. Сол ўақытларда да муғаллимимиз бәримизден газетаға жазылыўға пул жыйнап, жазылыўды өзлери шөлкемлестиретуғын еди. Өзлеримиз яки ата-аналарымыз почтаға барып жазылып келмегенбиз. Почташы ағай газеталарымызды алып келгенде бир қатар көзден өткерип, қызықларын оқып шықпағанша, сабақларымызды таярламағанбыз. Ол ўақытларда жазылыўда мәжбүрлеў деген түсиник болмаған, егер болғанда, кери таўлайтуғын адамлар барлық заманлар да болған. Набада солай болғанда, басым көпшилигимиз китапқа қызықпайтуғын әўладлар болып жетисер едик.
Ҳәзир де мектеплерде ҳәр бир бала «Жеткиншек»ти қолына алып оқыў имканиятына ийе болса, бәрин оқымағаны менен қызыққанларына көз жуўыртады. Бул китап оқыўдың басламасы болатуғынын ҳешким , ҳәтте, газетаның өлген-өлмегени гүман болып турған ҳәўескер блогерлер де бийкарлай алмаса керек!
Солай екен, мәжбүрий болсын-болмасын, газетаға жазылғанларды шалғытпаўымыз, жазылып турақлы газета оқып атырғанларды үлги тутыўымыз керек. Бундай балалар үлкейгеннен кейин де имканияты болса, китап оқыўды, газетаға жазылыўды қәлейтуғынына гүманым жоқ.
Мен журналистпен. Өмиримше халық арасында болдым. Газета оқымаса, өзин аш қалғандай сезетуғын адамлар менен көп сәўбетлестим, олар туўралы жаздым.
«Ҳәзир ҳеш кимниң газетаға қарап қалған күни жоқ, интернетте бәри бар» деўшилер де толып атыр. Бирақ, бул сайыз пикир. Қәне сол интернетти ашып, ертек оқып атырған бала? Барлық шаңарақта телефон, интернет бар, қәне сол перзентине интернеттен ертек оқып берип отырған ана? Бәлким бар шығар, бирақ, мен көрмедим. Балалар телефон усласа, неге тәрбиялайтуғыны түсиниксиз ойынларға, аналар сериалларға, әкелер бос отырса, өзинше телефон шуқлаўға өш.
Балалар, жаслар газеталарына «аўзымызды қыйсайтсақ», жазылғанларына «ким жазыл деди, мәжбүрлемеди ме, өзиме айт, сөйлесип қояман?» деп туратуғынлар көп болса, оларды китап оқыўға қалай үйретемиз? Китап оқымаса, пикирлеў шеңберин қалай кеңейтемиз? Дүнья танымы раўажланбаған, телефонлардағы ойынлардан, мазмуны сайыз мультфильмлерден нәр алып өскен баланың алғыр болып шыққанын ким көрипти? Дизе берсең, сораўлар көп, лекин, келептиң бир ушы өзимизге барып тақала береди…
Ендигиден былай интернеттиң турмысымыздағы орнын ҳеш нәрсе баса алмайды. Мәлимлеме тезлиги, мәмлекет экономикасының раўажланыўы, әпиўайы төлемлеримиз…бәри-бәри интернет арқалы әмелге асырылмақта. Соның ишинде интернет журналистикасы да тезлик пенен өз орнын табыў ҳәрекетинде. Мойынлаўымыз керек, турмысымыздағы машқалаларды алып шығыўда, оның шешимин тезлестириўде блогерлер профессиональ журналистлерден озып кетти. Бирақ, жоқарыда айтқанымыздай, сиясатты қоллап-қуўатлаймыз деп «шаш ал десе, бас алыўға» шекем баратуғынлары да ушырасып турады. Ҳәр тәреплеме терең талланған материаллар аз.
Айтайын дегеним, сизлер өлген-өлмегенин анықламақшы болып ортаға салған газеталар арасында жумысын тоқтатып атырған айырым тараўлық газеталар да, жүз жыллық тарийхы бар, ҳәтте екинши жер жүзлик урыстағы ашаршылық дәўирде де ҳүкимет басшылары умытпай, тоқтамастан шығып турған газеталар бар. Солай екен, булар жеңил-желпи айтыла салатуғын мәселелер емес. Мысалы, қырқ жыллық тәжирийбем болса да, бундай кескин пикирлерди айтыўға аўзым бармайды. Себеби, қаншадан-қанша әўладларды тәрбиялаўда үлеси бар, тигиндилеринде елимиз раўажланыўының, дәўир қаҳарманларының тарийхы, сол дәўирлердиң нәпеси жатырған газеталар халқымыздың күнделикли турмысын цифрларда, фактлерде сәўлелендирип, илимий жумысларға да тийкар болмай ма? Усы тарийхлардан қарақалпақ журналистикасы қалай раўажланғанын, талантлы журналистлерин билгиңиз келмей ме?..
Булар көтерген мәселеңиздиң бир тәрепи, екинши тәрепи де жеңил емес. Көпшилигимиз усы ўақытқа шекем жәмийетлик пикир оятатуғын мақалалардың азлығын қағаз жүзиндеги ашық-айдынлық, демократия менен байланыстырдық. Ҳәзир ше? Ҳәзир де оқыўшы излеп жүрип оқыйтуғын, машқалалардың шешимин табыўға жәрдеми тийетуғын мақалалар аз жазылып атыр. «Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларынан баслап…» деп басланатуғын ямаса «Биз жасларға қаратылып атырған итибардан…» деп ҳәр мақаласында тоты қустай қайталап шубыртып кете беретуғын көпирме, оқығанда тәсири жоқ гәплерден адамлар жалығып кетти. Анығырақ айтқанда, көбинесе адамлар пулы жоқтан емес, газетада оқыйтуғын қызықлы темалар аз екенлигин сылтаў етеди. Айырымларға аўырлаў тийсе де айтыўымыз керек, «жыллы суў»дай, жазғанларының тәсири сезилмейтуғын журналистлер көбейип кетти.
Ҳәзир таланты бар журналист бурынғыдай басын ишине тартып жүретуғын заман емес. Енди бас редакторлар бизлерге айтқандай: «Басымды тыныш қой, қыз» дей алмайды ямаса ҳақыйқатты жаза бергениң ушын есабын таўып тийисли уйымларға шақыртылып, ескертилмейсең. Наҳақ бола тура ким болса сол редакцияға келип, үлкен ақсақаллардың атын айтып, сени жумыстан ертеңнен баслап жоқ қылатуғынына исеними кәмил болып столыңды мушлаўдан қорқады. Ҳәзир ҳешким жазған сын мақалаң ушын туўры бетиңе қарап турып «абайла, балаларыңның қаяқта оқыйтуғынын, қаяқта жүретуғынын билемиз» деп жүрегиңди қалтырата алмайды.
Қудайға шүкир, бундай заманлар артта қалды. Жүрегинде оты бар журналистлердиң қолы келди. «Газета жабылып қалады» деп түскинликке берилиў журналистлерге жараспайды. Алға, кәсиплеслер! Бар талантыңызды иске салыўдан, болажақ жазылыўшыларыңыздың машқалаларын шешиўге жәрдем көрсетиўден шаршамаң. Усы ўақытқа шекем журналистлерге жоғалып болған исенимди тиклеп алсаңыз, ўақыт келип, жазылыўға бас аўыртпайсыз. Сизлерди уллы ислер күтпекте.

Пердегүл ХОЖАМУРАТОВА.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

Уқсас жаңалықлар

Баланың атын ҳәм фамилиясын өзгертиў мүмкин бе?

Баланың атын ҳәм фамилиясын өзгертиў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 70-статьясына муўапық, Пуқаралық жағдайы гүўалықларын дизимге алыў органы ата-ананың биргеликтеги арзасына бола...

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

1-декабрьден нелер өзгереди?

1-декабрьден нелер өзгереди?

    Ишимлик ҳәм ақаба суў  ушын төлемлер тек электрон формада қабылланады, кәмбағал шаңарақлар реестри қәлиплестириледи, автономерлер