Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.02.2020 14:44
  • 1250

1-февральдан баслап студентлерге стипендия төлеўдиң жаңаша тәртиби енгизилди

1-февральдан баслап студентлерге стипендия төлеўдиң жаңаша тәртиби енгизилди
2020-жыл 31-январь күни «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлерине төленетуғын стипендиялар муғдарларын белгилеў және стипендиялар тайынлаў ҳәм төлеў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2020-жыл 1-февральдан баслап студентлерге стипендия төлеўдиң жаңаша тәртиби енгизилди.

Яғный:

- мәмлекетлик грант, сондай-ақ, стипендиялы төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлер қатаң белгиленген 428 000 сум муғдарындағы базалық стипендия менен тәмийинленеди;

- оқыў семестриниң жуўмағы бойынша пәнлерден тек ғана «жоқары» өзлестириў көрсеткишине ийе (рейтинг көрсеткиши – 86 балл ҳәм оннан жоқары) болған мәмлекетлик грант, сондай-ақ, стипендиялы төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлердиң стипендиясы базалық стипендияға салыстырғанда 20 процентке көбейтилген ҳалда белгиленеди;

- оқыў семестриниң жуўмағы бойынша пәнлерден өзлестириў көрсеткишлери «жоқары» баҳа (рейтинг көрсеткиши – 86 балл ҳәм оннан жоқары) болған, стипендиясыз төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлер стипендияның базалық муғдарының 20 проценти муғдарында хошаметленеди;

- айырықша қәбилет ҳәм талант ийеси болған, жәмийетлик жумысларда белсенди, сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында оқып атырған барлық студентлер белгиленген стипендияларға қосымша рәўиште 50 процентке шекемги муғдарда хошаметленеди;

- халықаралық, республикалық ҳәм жоқары оқыў орны көлеминде өткерилген пән олимпиадалары ҳәм спорт жарысларының жеңимпазлары, сондай-ақ, жоқары оқыў орны кеңеси тәрепинен белгиленген критерияларға муўапық айрықша жағдайларда (наўқаслығы ямаса шаңарақ ағзаларының қайтыс болыўы сыяқлы) студентлерге базалық стипендияның 10 есесине шекемги муғдарда болған бир мәртелик хошаметлеў ямаса материаллық жәрдем бериледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...