Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.02.2020 16:46
  • 1454

Әзербайжан жазыўшысы Элужа Атайлының шығармалары қарақалпақ тилинде

Әзербайжан жазыўшысы Элужа Атайлының шығармалары қарақалпақ тилинде
Әзербайжанлы жазыўшы Элужа Атайлының көркем философиялық миниатюралары – гүрриң ҳәм эсселери қарақалпақ тилинде «Қанлы көлмектеги ай» атамасы менен «Yangi kitob» ЖШЖның баспаханасынан басылып шықты. Әзербайжан жазыўшысының дөретпелери филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) Гүлбәҳәр Бегмуратова тәрепинен қарақалпақ тилине шебер аўдармаланған.
- Гүлбәҳәр Бегмуратова Элужа Атайлы менен дослық ҳәм әдебият тараўындағы байланысларын және де беккемлеп, Элужаның «Қанлы көлмектеги ай…» китабын оқыўшылардың итибарына усынды. Бул көркем миниатюралардан ибарат гүрриңлер, эсселер, әлбетте ҳәр бир китап оқыўшысын Әзербайжан халқы дүньясына жетелейди, - деп жазылған Қарақалпақстан халық шайыры Г.Матёқубованың китапқа билдирген пикиринде.
Аўдармашы Г.Бегмуратованың китаптың алғы сөзинде жазыўынша, Элужа Атайлының дөретиўшилиги түрк дүньясынан басланып, батыс ҳәм Америка еллери әдебияты, мәденияты, философиясы, көзқараслары менен уласып кетеди. Соның ушын да, оның шығармаларын оқыған сайын оқыўшы көз алдында жаңа тилсимли дүнья есиклери ашылғандай болады. Оның шығармасын бир оқып қойыў жеткиликсиз, сиз мәнилер дүньясына енип қайта оқыйсыз, және оқып пикир тереңликлерине қарай сүңгий бересиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

    Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport