Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.02.2020 14:59
  • 1443

Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың әдебий мийрасына бағышланды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында түркий халықлар әдебиятының көрнекли ўәкили, өзбек әдебий тилиниң тийкарын салыўшысы, шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, ғәззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының туўылғанына 579 жыл, сондай-ақ, шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, өз дәўириниң уллы тарийхшы илимпазы Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың туўылғанына 537 жыл толыўы мүнәсибети менен «Мәңгилик тулғалар» атамасында илимий-әмелий конференция және көркем-әдебий кеше болып өтти.
Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.
Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың әдебий мийрасына бағышланды
«Әлийшер Наўайы халқымыздың санасы ҳәм ой дүньясы, көркем мәденияты тарийхында пүткил бир дәўирди шөлкемлестиретуғын уллы инсан, миллий әдебиятымыздың теңсиз тулғасы, миллетимиздиң мақтанышы, даңқ-абырайын дүньяға көрсете алған өлмес сөз шебери болып есапланады. Егер бул уллы инсанда әўлийе десек, ол әўлийелердиң әўлийеси, ойшыл десек, ойшыллардың ойшылы, шайыр десек, шайырлардың султаны есапланады», - деп айтып өткен еди биринши Президентимиз И.А.Кәримов.
Конференцияда институттың өзбек әдебияты кафедрасының доценти, филология илимлериниң кандидаты К.Ташанов «Наўайы ҳәм Бабур поэзиясында илим, мәрипат», өзбек тили кафедрасының доценти, филология илимлериниң кандидаты Г.Қурбаниязов «Бабур ҳәм миллий тиллер», қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының үлкен оқытыўшысы, филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) Т.Төрткүлбаева «Әлийшер Наўайы және қазақ ақынлары», қарақалпақ әдебияты кафедрасының үлкен оқытыўшысы, филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) Қ.Мәмбетов «Бабурдың мәнаўий дүньясы» атамаларында баянатлар жасады.
Мәмлекетимиз басшысы Ш.Мирзиёев шайыр, илимпаз ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Заҳириддин Муҳаммед Бабур ҳаққында тоқталып:
«Бабур мырза халқымыздың уллы перзенти. Әдебият, илим, мәрипат көзқарасынан ол биз бенен бирге өмир сүрмекте. Өзлигимизди аңлап, уллы тарийхымызды жасларға түсиндирсек, илим-мәрипатты раўажландырсақ, ҳеш қашан кем болмаймыз», - деп айтып өткен еди.
Әлийшер Наўайының бай ҳәм көп қырлы дөретиўшилиги тек ғана өзбек әдебиятында емес, соның менен бирге, дүнья әдебиятында да салмақлы орынға ийе. Наўайы лирикалық, эпикалық ҳәм философиялық дөретпелери менен XV әсир әдебиятында терең из қалдырды. Уллы шайырдың шығармалары өзи өмир сүрип турған дәўирдиң өзинде Қытайдан баслап Киши Азияға шекем жетип барды. Ҳәзирги ўақытта да пүткил дүнья халықлары оның шығармаларын сүйип оқыйды.
«Ҳамса» дәстаны Наўайы дөретиўшилигиниң ең бийик шыңы болып табылады. Бул шығарма өзбек әдебиятының даңқын дүньяға көрсетип, жәҳән әдебиятының ең жақсы үлгилериниң бирине айланды.
Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың әдебий мийрасына бағышланды
Наўайының дөретиўшилигине нәзер аўдарсақ, поэзияның 16 түрли жанрында дөретиўшилик еткенлигин көриў мүмкин. Булар ғәззел, рубайы, туйық, фард, қитъа, муҳаллес, мусаддес ҳәм т.б. Усындай жанрларда Наўайы сыяқлы дөретиўшилик еткен шайырлар дерлик жоқ. Уллы шайыр қосық жазғанда тек ғана өзбек тилиниң емес, ал басқа да тиллерден нәтийжели пайдаланған.
Баянатшылар тәрепинен 1991-жыл елимизде «Әлийшер Наўайы жылы» деп аталғаны ҳәм оның әдебий мийрасларын үйрениў, қайтадан баспадан шығарыў, халыққа жеткериў жумыслары ғәрезсизлик дәўиринде жоқары итибарда болғанлығын атап өтти.
Шайыр, илимпаз ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың өмири ҳәм дөретиўшилиги көплеген әсирлерден берли үлкен қызығыўшылық пенен үйренип келинбекте. Бул болса оның шығармаларының жәмийетимиз турмысында қаншелли үлкен әҳмийетке ийе екенлигин билдиреди.
Ғәрезсизлик қарсаңында тарийхый ҳақыйқатлықты тиклеў, Бабурдың әдебий, тарийхый мийрасларын үйрениўге де айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, 1989-жылы «Бабурнама» китабы 200 мың нусқада басып шығарылған болса, 1990-жылы октябрь айында бул уллы шығарманың дөретилгенине 460 жыл толыўы республикамыз ҳәм дүнья көлеминде кең түрде белгиленди.
Өзбек ҳәм түркий халықлар, соның менен бирге, дүнья әдебиятында өз орнына ийе мәңгилик тулғалар – Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың әдебий мийрасларын еле де терең үйрениў, жас ҳәм келешек әўладларға жеткериў парызымыз ҳәм қарызымыз болып табылады.
Илаж институттың талантлы жаслары атқарыўындағы уллы тулғалардың өмири ҳәм дөретиўшилиги сәўлеленген сахналық көринислери және концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың әдебий мийрасына бағышланды

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

    Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...