Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.02.2020 15:22
  • 1512

Өзбекстан халқының саны 34 миллионнан өтти

Өзбекстан халқының саны 34 миллионнан өтти
2020-жыл 18-февраль күнги мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстанның халқы 34 миллионнан өтип, 34 002 410 адамды қурады. Бул ҳаққында Мәмлекетлик статистика комитетиниң баспасөз хызмети хабар берди.
Халықтың 17 093 012 си еркек адамлар, 16 909 398 и ҳаял-қызлардан ибарат.
Быйылғы жылдың 1-январь жағдайы бойынша, Өзбекстан халқының саны 33 905 799 адамды қураған еди. Жылдын басынан бүгинги күнге шекем 126 768 перзент дүньяға келген, 29 051 адам қайтыс болған.
Өзбекстанға келгенлер 235 020 адамды қураған болса, мәмлекеттен кеткенлер 24 608 адамды қураған.
Еслетип өтемиз, Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны 2020-жыл 1-январь жағдайына муўапық, 1 миллион 898 мың 329 адамды қураған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы