Кеше, 23-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бир қатар профессор-оқытыўшылары, магистрант ҳәм студентлери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылары Аўқамының ағзалары, журналистлер ҳәм жас қәлемкешлер уллы қарақалпақ классик шайыры Бердақ Ғарғабай улының қәбирине зыярат етти. Уллы классик шайырымыздың қәбири Шымбай районындағы Қарақум Ийшан қойымшылығында жайласқан.
Университет хызметкерлери, сондай-ақ, Жазыўшылар Аўқамының жазыўшы ҳәм шайырлары усы қойымшылықта жайласқан XIX әсир қарақалпақ әдебиятының уллы тулғаларының бири Күнхожа Ибрайым улының қәбирин де зыярат етти. Бул қойымшылықта Қарақум ийшан бабаның оқыўшыларға билим берген медресениң қалдықлары бар. Қарақум ийшан бабаның әўладларының бири А.Идирисовтың берген мағлыўматларына қарағанда, бул медресе жүдә үлкен болған. Оқыўшылар бул жерде жасап ҳәм билим алған. Бирақ, бүгинги күнде медресениң көпшилик дийўаллары қулап, оннан тек айырым көринислер ғана қалған.
Күнниң екинши ярымында Шымбай районындағы 45-санлы мектепте ушырасыў кешеси болып өтти.
Кешени Қарақалпақстан Жазыўшылары Аўқамы баслығы шайыр ҳәм жазыўшы Кеңесбай Каримов алып барды.
Кешеде Б.Генжемуратов, М.Жумамуратова, Ә.Өтепбергенов, П.Нуржановлар шығып сөйлеп, Бердақ шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы мағлыўматларды айтып өтти ҳәм қосықлар оқыды.
Б.Генжемуратов Бердақ шайырдың қәбири басында жазылған, сыясы кеппеген қосықларын жыйналғанларға оқып берди.
Б.Генжемуратов қосық жазып атыр
Университеттиң профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери Бердақ бабамыздың 190 жыллығының республикамыз бойлап кең түрде белгиленип атырғанлығы ҳәм де зыяраттан алған тәсирлери туўралы Қарақалпақстан телевиениесине интервью берди.
Буннан соң Шымбай районы мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм 8-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшылары Бердақ шайыр қосықларының тийкарында шөлкемлестирилген концерт бағдарламасын инәм етти.
Бес қаланың бири болған Шымбай елине ҳәм Бердақ бабамыздың қәбирине болған зыярат үлкен тәсирлер қалдырды.
Сахибжамал Есемуратова