Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.02.2020 16:38
  • 988

51 жылдан берли Мойнақта акушерлик етип киятырған Қәлбийке Жийемуратова «Дәўжүрек ҳаял» бағдарының жеңимпазы деп табылды

51 жылдан берли Мойнақта акушерлик етип киятырған Қәлбийке Жийемуратова «Дәўжүрек ҳаял» бағдарының жеңимпазы деп табылды
Ташкент қаласындағы Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрында «O‘zbegim ayoli – 2020» Миллий сыйлығын салтанатлы тапсырыўға бағышланған илаж болып өтти. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.
Усы мүнәсибет пенен театр сарайына министрликлер ҳәм уйымлар, дөретиўшилик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, аналар, ҳәр қыйлы тараўларда жемисли мийнет етип атырған ҳаял-қызлар мирәт етилди.
Быйылғы жылы усы сыйлық ушын болып өтетуғын таңлаўға мәмлекетимиздиң түрли аймақларында жасап атырған 100 ден аслам ҳаял-қызлардың ҳүжжетлери усынылды. Таңлаў жеңимпазларын анықлаўда олардың өрнек болатуғындай хызмети, пидәкерлиги, үлгили жақсы әмеллерине тийкарғы итибар қаратылды. Төрешилердиң жуўмақларына бола, олардың он бири жеңимпаз деп табылды.
«Дәўжүрек ҳаял» бағдарының жеңимпазы Қәлбийке Жийемуратова қаншадан-қанша нәрестелердиң аман-есен дүньяға келиўин тәмийинлеген. Акушеркадай оғада қәўетерли кәсипте ана ҳәм бала өмирин сақлап қалыўды муқаддес миннет, деп биледи.
– Елиў бир жылдан берли усы тараўда мийнет етпектемен, – деди Қ.Жиемуратова. – Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Мойнақта да мисли көрилмеген өзгерислер алып барылмақта. Булардың ҳәммеси кеўлимизге мақтаныш бағышлайды.
Мағлыўматларға қарағанда, Қәлбийке Жийемуратова өз мийнет жолы даўамында 41 мың баланың дүньяға келиўине хызмет еткен.
Илажда сыйлық ийелерине арнаўлы статуэтка, диплом ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,