Уллы қарақалпақ шайырлары Бердақ Ғарғабай улы ҳәм Күнхожа Ибрайым улының қәбирлери республикамыздың Шымбай районындағы Қарақум ийшан қойымшылығында жайласқанлығы туўралы алдыңғы мақалаларымызда айтып өткен едик. Биз ол жерди зыярат еткенимизде, классик шайыр Бердақ бабамыздың қәбириниң басына гүмбез қурылғанлығын көрдик. Бирақ, бул гүмбездиң салынғанына да бираз ўақыт болған қусайды, тозайын депти.
Бердақ бабамыздың қәбири
Ал, оннан сәл қашығырақта жайласқан қарақалпақ классик шайырларымыздың бири Күнхожа Ибрайым улының қәбири болса дерлик қараўсыз қалған десек қәте болмас. Себеби, Бердақ шайырдың басына имарат салынған болса, Күнхожаның қәбири тек ғана темир пәнжерелер менен қоршаланған. Теңсизликти жырлаған шайырлардың ең болмаса қәбирлерине теңлик орнатылса екен. Бизиңше, бул еки шайырдың дәрежелери тең. Екеўи де қарақалпақ жазба тилиниң пайда болыўында үлкен әҳмийетке ийе инсанлар. Күнхожа шайыр Бердақ шайырдан сәл бурынырақ жасаған ҳәм дөретиўшилик пенен шуғылланған. Бул Күнхожа шайырдың тек ғана өзи менен жасаған заманласларының емес, ал бүгинги әўладлардың да қосықларында оның салып кеткен жолы бар.
Демек, Бердақ бабамыздың қосықлар жазыўында Күнхожа шайырдың да үлеси болыўы тәбийий. Сонлықтан, бул еки шайырға қаратылған ҳүрмет теңдей болса мақсетке муўапық болар еди.
Күнхожа бабамыздың қәбири
Мағлыўматларға қарағанда, Бердақ шайырдың қәбири 2018-жылы қайта реконструкцияланыўы режелестирилген. Бул ўақытта Күнхожа Ибрайым улының да қәбириниң әтирапы абаданластырылса САЎАП болар еди.
Сахибжамал Есемуратова