Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.03.2020 11:54
  • 1495

Коронавирустың Өзбекстанға кирип келиў мүмкиншилиги жоқары – Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми

Коронавирустың Өзбекстанға кирип келиў мүмкиншилиги жоқары – Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми
Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасы баслығы Лианне Куппенс Өзбекстанға коронавирустың кирип келиў мүмкиншилиги жоқары екенлигин атап өтти, деп хабар берди Сыртқы ислер министрлигиниң «Дунё» мәлимлеме агентлиги.
Куппенстиң атап өтиўинше, ҳәзирги ўақытта Өзбекстандағы халық арасында коронавирусқа шалыныў жағдайлары анықланбаған.
«Вирус жуқпалы болғаны ҳәм 6 континентти зыянлағаны себепли, оның жақын арада Өзбекстанға кирип келиў мүмкиншилиги жоқары», - деп айтып өткен Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң ўәкили.
Куппенс өзбекстанлыларды сергек болыўға, Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен берилген усынысларға, тазалық ҳәм гигиенаға әмел етиўге, бирақ, қорқынышқа түспеўге шақырған.
Оның қосымша етиўинше, дүньядағы ҳеш бир мәмлекет, ҳәттеки ең раўажланған мәмлекет те коронавирус ақыбетлерине толық таяр бола алмайды. Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми бул бойынша Өзбекстанға мониторинг етиў, кеселликти ерте басқышында анықлаў, диагноз қойыў имканиятларын кеңейиў, медициналық мәкемелерди изоляциялаў ҳәм бул бағдарда медициналық хызметкерлердиң билим және потенциалын арттырыўға жәрдем бермекте.
Доктор Куппенстиң пикиринше, Өзбекстан зәрүрли илажларды көриўи керек ҳәм бул бағдардағы жумыслар жедел түрде алып барылмақта.
Куппенс Өзбекстан Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң барлық усынысларына әмел етип атырғанын атап өткен.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...