Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.03.2020 16:44
  • 919

Карантин дәўиринде жумыстан шетлетилген хызметкерге напақа төленеди ме?

Карантин дәўиринде жумыстан шетлетилген хызметкерге напақа төленеди ме?
Нызамшылыққа муўапық, егер хызметкер карантин ўақтында санитариялық-эпидемиологиялық уйымлар тәрепинен әтираптағы шахслар арқалы жуқпалы кеселликке шалыныў қәўипиниң алдын алыў мақсетинде жумыстан шетлетилген болса мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша напақа бериледи. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналына тийкарланып Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар бермекте.
Ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы мийнетте майып болған ҳәм кәсип кеселлигине шалынғанда мийнет ҳақысының толық муғдарында, басқа жағдайларда болса мийнет ҳақысының 60 процентинен 100 процентине шекемги муғдарда төленеди.
Бундай напақаның ең аз муғдары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары (679 мың 330 сум)ның 35,2 процентинен, яғный 239 мың 124 сумнан аз болмаўы ҳәм напақа есаплап шығарылатуғын мийнет ҳақы муғдарынан артып кетпеўи керек.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

    Аўыл хожалығы қамсызландырыўына байланыслы жаңа илажлар: ➖ Зыян муғдары ғәрезсиз экспертлер тәрепинен баҳаланады; ➖ Мәмлекет

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

    1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң my.gov.uz дағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады,