
«Kar24.uz» сайты арқалы Хожели районы мəмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлери 13-март күни мəмлекетлик жумыс ўақтынан тысқары жумыс ислеп атырған деп келтирген ўақыясына районлық мəмлекетлик салық инспекциясының рəсмий жуўап жәриялады.
12-март күни саат 18:20лар шамасында жоқарыда келтирилген сайт блогерлери деп таныстырған шахслар инспекция имаратына келип, нəўбетшиден (дежурный) имарат есигин ашыўды айтады. Сол ўақытта нəўбетши инспекция баслығына хабар берип, шақырады. Ал, өзлерин блогер тексериўшимен деп таныстырған шахслардан биреўи имараттың артқы есик бетинен барып, сол жерде турған мәкеме машинасын видеоға алып, иште хызметкерлер жумыс ислеп атыр, бираз алдын ҳаўа суўытқышы (кондиционер) ислеп турып еди, деген сөзлерди айтқан. Бир ойланып көриң, ҳəзиргидей күнниң 20 градус жыллы ўақтында қайсы инсан ҳаўа суўытқышынан, яғный кондиционерден пайдаланады?
Қулласы, бул шахслардың ислеген ислери негизи нызам талапларына көре баҳа берилетуғын болса, бул ҳуқықбузарлық есапланады. Себеби, итибар бериң, блогерлер тəрепинен өз басымшалық пенен салық органы имаратының сыртқы тəрепинен тəртипсизлерше бастырып барған ҳəм салық органы қараўыл хызметкерине тексериўшимен, деп талап қойған. Олардың бул ҳəрекетлери бойынша биз суд жолы менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 40-, 41-, 183-статъялары талаплары бойынша ис көриўди сораўға ҳақылы едик, лекин, сайт арқалы биринши мəрте ескертиў бериў менен шеклеўди лазым таптық.
Сондай-ақ, иштен бир-еки хызметкерлер шықты, деўи де мүмкин, саат енди ғана 18:20 минут өткен ўақытта үйлеринде болсын дегени емес, мийнет нызамшылығы талапларында 18:00ге шекем жумыс ислеп, қалған жағында өз арзасы бойынша қосымша мийнет ҳақы төленген ҳалда ислесин делинген. Лекин, мәкемеде ҳəр кимниң өзине тийисли, яғный өзлери жуўап беретуғын компьютер техникасы болғаны ушын оларды өширип, қайта тексериўлери ушын да белгили бир ўақыт кетеди.
Және бир тәрептен қарағанда, мийнет нызамшылығы талапларына әмел етиў тәртиби бойынша рейд өткериў ушын тийисли шөлкемлерден рухсатнама берилген ҳалда, тапсырма тийкарында өткерилиўи керек. Бул жерде Хожели районы бәнтликке көмеклесиў бөлими хызметкерлери ҳеш қандай тастыйықланған рухсатнамасыз, сондай-ақ, блогерлердиң өзлери де шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерсиз келип, қол телефоны арқалы видеоға түсириўи ҳәр тәреплеме нызамға туўры келмейди.
Хожели районы Мәмлекетлик Салық инспекциясы.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz