Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.03.2020 17:43
  • 1327

Мойнақта 25 жабайы үйрек ҳәм қасқалдақ аўлаған пуқаралар усланды

Мойнақта 25 жабайы үйрек ҳәм қасқалдақ аўлаған пуқаралар усланды
Қоңырат районлық инспекциясының инспекторлары тәрепинен өткерилген экологиялық рейд илажлары даўамында Мойнақ районындағы тәбийғый суў бассейнинде түнги саат 21:00 лер әтирапында Нөкис қаласында жасайтуғын пуқара Т.Н. ҳәм Мойнақ районы «Бозатаў» АПЖда жасайтуғын пуқаралар Н.Т. ҳәм А.А. лар аңшылық етиў бойынша белгиленген қағыйдаларға әмел етпестен, аңшылық етиў қадаған етилген ўақытта улыўма 25 дана жабайы үйрек ҳәм бир дана қасқалдақ қусларын аўлағаны анықланды. Бул ҳаққында ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.
Мойнақта 25 жабайы үйрек ҳәм қасқалдақ аўлаған пуқаралар усланды
Жағдай бойынша нызам бузыўшы пуқараларға тәбиятқа жеткерилген зыянды қаплаў ушын 5 798 000 сум жәрийма есапланды ҳәм ҳәкимшилик ислери бойынша суд уйымына өткериў ушын ҳүжжетлер таярланбақта.
Хабарда жазылыўынша, аўланған қуслар Нөкис қаласында жайласқан ҳайўанат бағына тапсырылған.
Пуқаралардың аңшылық қураллары сақлап қойыў ушын Миллий гвардияға тапсырылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда аўыллық жерлерде туўылыўшылық қалаларға салыстырғанда көбирек

Өзбекстанда аўыллық жерлерде туўылыўшылық қалаларға салыстырғанда көбирек

    Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-февраль айларында, ПҲАЖ уйымларында республика бойынша 135 914 тири

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар

Ири базарларда жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша нызам тастыйықланды

Ири базарларда жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша нызам тастыйықланды

    Ҳүкимет қарары менен ири базарларда жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын раўажландырыў бойынша