Telegram karinform

Ҳуқық

  • 03.12.2024 08:00
  • 49

Ири базарларда жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша нызам тастыйықланды

 

Ҳүкимет қарары менен ири базарларда жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын раўажландырыў бойынша тәртип тастыйықланды. Ҳүжжетте Өзбекстан аймағындағы ири базарлардың дизими келтирилген

 

Министрлер Кеңесинде 27-ноябрь күни «Ири базарларда жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойылды. 

Ҳүжжетте айтылыўынша, бул нызам Президент пәрманына муўапық республикадағы ири базарларда пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў  ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў мақсетинде қабыл етилген. 

 

Ири базар дегенде 300 ҳәм оннан артық турақлы саўда шақапшалары ҳәм саўда орынлары болған, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен белгиленген орынларда турақлы ямаса ўақтынша хызмет көрсететуғын мүлклик комплекс ҳәм оған тутас аймақлар нәзерде тутылады.

Қәўипсизликти тәмийинлеў техникалық қураллары болса, объектте жәмийет тәртибин сақлаўды тәмийинлеў ушын пайдаланатуғын қорғаў, өрт сигнализациялары, кириўди бақлаў ҳәм басқарыў, видеобақлаў, хабардар етиў ҳәм басқа системалардың қурамына киретуғын, конструктив тәрептен тамамланған, ғәрезсиз функцияларды әмелге асыратуғын қурылмалар.

 

Бул нызамда Миллий гвардия, Ишки ислер ҳәм Айырықша жағдайлар министрликлери хызметкерлериниң, мекемелик қорғаў ҳәм өрттен сақлаў хызметлериниң искерилигин жолға қойыў тәртиби де белгиленген. Сондай-ақ, бул хызметлердиң қәнигелериниң ҳуқық ҳәм миннетлемелери де толық түсиндирип өтилген. 

 

Ири базарларда видеобақлаў системасындағы видеобақлаў камералары объектиниң өзине тән қәсийетлеринен келип шыққан ҳалда төмендеги орынларда орнатылады:

а) Объекттиң автотураржайына кирип-шығыў орынларында, автотураржайдың пүткил аймағы ҳәм объекттиң периметри бойлап, оған тутас аймақтың ең нәтийжели мүйеши (көринисин) есапқа алған ҳалда;
б) Автотураржайдан объектке өтиў жолларында;
в) Объект аймағында пуқаралар ҳәм транспорт қуралларының кириў ҳәм өтиў орынларында;
г) Объекттиң пуқаралар кириўи мүмкин болған барлық имаратларға, бөлмелерге кирип-шығыў орынларында;
д) Объекттиң пуқаралар кириўи мүмкин болған барлық имараттағы:
саўда, көргизбе ҳәм аўқатланыў орынларында, сондай-ақ, бул орынлардың «Г» ҳәм «П» формасындағы майданларында;
Көп вируслы саўда, көргизбе, аўқатланыў ҳәм клиентлер болатуғын басқа орынлардың ҳәрбир  ярусында;
Саўда, көргизбе, аўқатланыў ҳәм клиентлер жайласатуғын басқа орынларға ҳәм бул жерлерден хызмет бөлмелерине өтиў жолларында;
Пуқаралардың жеке буйымларын, қол жүклерин сақлаў орынларының алдында;
е) Объекттеги сақлаў бөлмелери өтиў майданларында;
Объекттиң қабатларына өтиў, шығып-түсиў (текшелер, эскалаторлар) ҳәм кирип-шығыў орынларында;
з) Объекттиң дебаркадерлеринде;
и) Саўда қатарлары арасында.

 

Видеобақлаў системалары Ишки ислер органлары ҳәм Миллий гвардия аймақлық бөлимлериниң ситуациялық орайларында және объекттеги техникалық қураллар операторы бөлмесине видеосигналдың узатылыўын тәмийинлеў керек. 

Видеожазыўларды сақлаў ушын видеоинформация архивин жаратыў 30 календарь күнди қурайды, оннан соң жазыўлар автомат түрде жоқ етиледи. 
Егер видеобақлаў камералары қарама-қарсылықлы жағдайларды жазып алған болса, бундай жазыўларды сақлаў мүддети жағдайға анықлық киргизилемен дегенше белгиленеди. Жынайый қылмыс яки ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық дизимге алынған болса, бундай жазыўлар жынаят яки ҳәкимшилик истиң жүргизилиўи даўамында сақланады. Видеобақлаў камераларының ҳәжетханаларға ҳәм бөлмелерге орнатылыўы қадаған етиледи.

 

Ҳүжжетте, сондай-ақ, ири базар деп айтылып атырған базарлар дизими аймақлар кесими бойынша усынылған. Оған бола, ең көп ири базарлар Наманган ўәлаяты аймағында (24), ең кеми болса Сырдәрья ўәлаятында (2) дизимге алынған. 

Ҳүжжетте келтирилиўинше, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ҳәкимшиликлер ИИМ, МГ ҳәм АЖМ аймақлық структуралары ўәкиллери менен келискен ҳалда аймақта жайласқан ири базарлар дизимин турақлы жаңалап турады.

 

Social

Усыныс етемиз

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Уқсас жаңалықлар

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 561-статьясына бола, жумыс орынларында, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт-саламатластырыў мәкемелеринде, өрт шығыў қәўпи...

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Ҳүкиметтиң 2017-жыл 20-июнь сәнесиндеги 393-санлы қарарына бола, студентлер төмендеги жағдайларда оқыўдан шетлетиледи: – Өз қәлеўи менен;...

Балаға қос ат қойыў бойынша шеклеў бар ма?

Балаға қос ат қойыў бойынша шеклеў бар ма?

    Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2016-жыл 14-ноябрьдеги 387-санлы қарарына муўапық, балаға исм ата-ананың разылығына бола қойылады.