Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.03.2020 16:14
  • 2027

Қарақалпақстанлы бир пуқарада коронавирус инфекциясы анықланды. Ол Хорезмде емленбекте

Қарақалпақстанлы бир пуқарада коронавирус инфекциясы анықланды. Ол Хорезмде емленбекте
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда коронавирус инфекциясы менен наўқасланғанлардың саны 158 адамды қурамақта. Олардан 92 адам (соннан 7 адам емленген, биреўи қайтыс болған) Ташкент қаласындағы Вирусологиялық илимий тексериў институтының клиникасында, қалған 66 адам (соннан биреўи қайтыс болған) бир қатар ўәлаятлардағы емлеўханаларда емленбекте. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, ҳәзирги ўақытта хорезмли бир пуқарада усы инфекция анықланған. Бирақ, ўәлаятлық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында буннан тысқары және 5 наўқас емленбекте. Олардан 2 адам сурхандәрьялы, 1 адам бухаралы, 1 адам қарақалпақстанлы және биреўи ферғаналы пуқара болып есапланады.

Наўқаслардың жағдайы ҳаққында толық мағлыўматларды жәриялап барамыз.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

АҚШ конгрессменлери COVID-19 Ухандағы лабораторияда жаратылғанын айтты

АҚШ конгрессменлери COVID-19 Ухандағы лабораторияда жаратылғанын айтты

    Олар 2 жыллық тексериў нәтийжесинде коронавирус лабораториядан тарқалғанына байланыслы дәлиллерди келтирди. Вирус биологиялық өзгешеликлерге ийе,

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...

1-декабрь – Халықаралық АИЖСке қарсы гүресиў күни

1-декабрь – Халықаралық АИЖСке қарсы гүресиў күни

АИЖС (Арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы) АИВ деп аталған вирус (адам иммунитет жетиспеўшилиги вирусы) себеп болған синдром,...