Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.04.2020 10:18
  • 979

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар кеңесиниң Рамазан айын өткериў ҳаққындағы билдириўи жәрияланды

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар кеңесиниң Рамазан айын өткериў ҳаққындағы билдириўи жәрияланды
Рамазан айында нәзерде тутылған диний мәресимлер себепли карантин талаплары бузылыўының алдын алыў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар кеңеси барлық мусылманларды төмендеги көрсетпелерге қатаң түрде әмел етиўге шақырады:

- Рамазан айында мөмин-мусылманларымыз таровиҳ намазларын, хатмы Қуранларды өз шаңарақ ағзалары менен үйлеринде өткерсин;

- Өзбекстан мусылманлары басқармасы системасында жумыс алып барып атырған қарыйлардың хатмы Қуранлары онлайн тәризде әмелге асырылыўы жолға қойылсын;

- Ифтарлық саўабынан үмитли болған қайырқом мусылманларымыз ифтарлық мәресимлери ушын арналған қаржыларын Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў орайлары арқалы материаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға жеткерсин;

- Барлық мусылманларымыз қоңсы-қоба ҳәм жақын ағайинлерин топлаған ҳалда ифтарлық шөлкемлестириўи карантин талапларына қайшы келиўи менен бирге Аллаҳ тааланың исбасыларға итәәт етиў ҳаққындағы Нисо сүреси: «Эй, ийман келтиргенлер! Аллаҳқа итәәт етиңиз, Пайғамбарға ҳәм өзлериңизден болған баслықларға итәәт етиңиз!..» 59-аятына туўра келмейтуғынлығын аңлаўы керек.

- Закәт қаржыларын және фитр ҳәм фидя садақаларын «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң есап бетлерине ямаса Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў орайларына тапсырыўы усыныс етиледи.

Бул ҳаққында Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар кеңесиниң Рамазан айын өткериў ҳаққындағы билдириўинде келтирип өтилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда