Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссияның усынысына муўапық халыққа мийнет ҳақы ҳәм пенсия төлемлерин пластик карталары арқалы төлеў илажлары көрилмекте. Бул ҳаққында ӨзР Орайлық банки
хабар берди.
Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта жергиликли ҳәкимликлер, банклер, Қаржы министрлиги жанындағы ғазнашылық бойынша аймақлық бөлимлери және Бюджеттен тыс пенсия қоры, оның аймақлық бөлимлери менен биргеликте бул бағдарда барлық шөлкемлестириў жумыслары баслап жиберилген. Оған муўапық:
Пенсия төлемлерин төлеў:
- дәслепки басқышта, яғный усы жылдың май айынан баслап, Ташкент ҳәм Нөкис қалалары және ўәлаятлардың орайларында жасайтуғын пуқаралардың пенсия төлемлери банк карталары арқалы төленеди;
- кейинги айлардан баслап, усы илажлар басқышпа-басқыш қалған аймақларда даўам еттириледи.
Бунда пенсионерлер тәрепинен банк карталарын ашыў ҳәм оған ийе болыў ушын Халық банки бөлимлерине барып жүриўи талап етилмейди.
Буның ушын:
- Бюджеттен тыс Пенсия қоры тәрепинен пуқаралар ҳаққындағы зәрүр мағлыўматлар карта ашыў ушын Халық банки бөлимлерине электрон тәризде жибериледи ҳәм банк тәрепинен оларға карта ашылады;
- соңынан айлық пенсия төлемлери Пенсия қоры бөлимлери тәрепинен қәлиплестирилетуғын дизимлер тийкарында пуқараның картасына өткериледи;
- Халық банкиниң жуўапкер хызметкерлери тәрепинен усы карталар олардың ийелерине барлық санитариялық қағыйдаларға толық әмел еткен ҳалда жасаў мәнзиллери бойынша жеткерип бериледи;
- Халық банкиниң хызметкерлери тәрепинен пенсионерлерге өзлериниң банк карталары жеткерип берилген ўақытта оны рәсмийлестириў ушын пуқарадан тек ғана арза ҳәм оның банк картасын қабыллап алғаны ҳаққындағы қолтаңбасы соралады.
Хабарда жазылыўынша, төлемлерди әмелге асырыў ушын республиканың барлық аймақларында тийисли инфраструктуралар бар.
Халық банкиниң банкоматларынан пулларды нақластырыўды бийпул әмелге асырыў мүмкин болса да, саламатлық көзқарасынан, әсиресе, ҳәзирги ўақытта төлемлерди банк карталары арқалы әмелге асырыў усыныс етилген.
Орайлық банк ҳәзирги жағдайды, сондай-ақ, нақ пулға қарағанда банк карталарынан пайдаланыў қәўипсиз екенлигин ҳәм оған дезинфекциялық ислеў бериў мүмкинлигин есапқа ала отырып, пуқаралардан арза және қолтаңба алыў процесинде банк хызметкерлерине ҳәр қыйлы наразылық ҳәм шағымларды билдирмеўди ӨТИНИШ ЕТЕДИ!
Республикамыздың барлық пуқараларына және бир мәрте соны мәлим етемиз, банк карталарын рәсмийлестириў ушын банклерге барып жүриўиңиз шәрт емес.Банк карталары сизлердиң қатнасыўыңызсыз ашылады ҳәм хызмет көрсетиўши банктиң жуўапкер хызметкерлери тәрепинен санитариялық қағыйдаларға толық әмел еткен ҳалда, пенсионер пуқараларға жасаў мәнзиллери бойынша жеткерип бериледи.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz