Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.04.2020 13:00
  • 1212

Мийнет ҳақыларын нақ пулда алыўшылар дыққатына!

Мийнет ҳақыларын нақ пулда алыўшылар дыққатына!
Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссияның усынысына муўапық халыққа мийнет ҳақы ҳәм пенсия төлемлерин пластик карталары арқалы төлеў илажлары көрилмекте. Бул ҳаққында ӨзР Орайлық банки хабар берди.

Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта жергиликли ҳәкимликлер, банклер, Қаржы министрлиги жанындағы ғазнашылық бойынша аймақлық бөлимлери және Бюджеттен тыс пенсия қоры, оның аймақлық бөлимлери менен биргеликте бул бағдарда барлық шөлкемлестириў жумыслары баслап жиберилген. Оған муўапық:

Айлық мийнет ҳақыларын төлеў бойынша:

- барлық түрдеги кәрхана ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, бюджет мәкемелери хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақылары да басқышпа-басқыш толық банк карталары арқалы әмелге асырылады;
- кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары банк картасы ашылмаған, яғный айлық мийнет ҳақысын нақ пул тәризинде алып жүрген хызметкерлерге хызмет көрсетиўши банк пенен биргеликте тез ўақытлар ишинде банк карталарын ашып бериў илажларын көриўи (кәрхана атынан тийисли арза ҳәм хызметкерлердиң паспорт нусқаларын электрон тәризде банклерге усыныўы) керек болады;
- ашылған банк карталары хызмет көрсетиўши банк тәрепинен тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлерге барлық санитариялық қағыйдаларға толық әмел еткен ҳалда жеткерип бериледи;
- кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жумысшы хызметкерлери өз карталарын банклерге барып жүрместен, тиккелей өзлери жумыс ислейтуғын кәрхана ҳәм шөлкемлерден алыўы мүмкин болады.

Республикамыздың барлық пуқараларына және бир мәрте соны мәлим етемиз, банк карталарын рәсмийлестириў ушын банклерге барып жүриўиңиз шәрт емес.

Банк карталары сизлердиң қатнасыўыңызсыз ашылады ҳәм хызмет көрсетиўши банктиң жуўапкер хызметкерлери тәрепинен санитариялық қағыйдаларға толық әмел еткен ҳалда, кәрхана ҳәм шөлкемлерде ислейтуғын хызметкерлердиң пластик карталары сол кәрхана ямаса шөлкемлердиң юридикалық мәнзили бойынша жеткерип бериледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

    «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер,