
Өзбекстанда жақын күнлерде 500 мың адамды коронавирусқа тексериўден өткериў жобаластырылмақта. Бул ҳаққында ӨзР ДСМ жанындағы Коронавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы Ҳ.Оқилов мәлим етти.
- Өзбекстанда 150 мыңға шамалас адам коронавирус бойынша тесттен өткерилген. Жақын күнлерде бул көрсеткиш ярым миллионға жеткериледи. Алынған тестлердиң саны алдағы ўақытларда максимал дәрежеде көбейтип барылыўы есабынан карантин шәртлерин жумсартыў мүмкин, - деди Ҳ.Оқилов.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz