
28-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәжилислер залында «Ана тилим – дана тилим!» ҳәптелиги даўамында «Анам яңлы қәдирдан» атамасындағы таңлаў өткерилди. Таңлаў қатнасыўшылары ана тилине арнап дөреткен қосықларын оқып берди. Таңлаўдың екинши шәртине муўапық, қатнасыўшылар сол ўақыт тапсырма сыпатында берилген фотосүўретке қарап жаңадан қосық дөретти. Сүўретте китаплар ҳәм китапхананың көринислери сәўлеленген еди. Қатнасыўшы студентлери бул шәрттен де ҳеш қыйналмастан, өзлериниң қәбилетлерин көрсетип, сол ўақыттың өзинде жаңадан қосық дөретти.
Жазылған қосықлар идеясының жоқарылығы ҳәм мазмунының тереңлиги, көркемлиги, өзине тән дөретиўшилик жолының қәлиплесиўи, қосық текстиниң стилистикалық ҳәм грамматикалық жақтан дурыс жазылыўы ҳәм көркем оқыў шеберлиги сыяқлы критериялар тийкарында баҳаланды. Усы таңлаў даўамында дөретилген сыясы кеппеген қосықлардың айрымларынан үзинди келтирип өтемиз. Сиз де оқып, баҳа берсеңиз болады.


Таңлаў қатнасыўшыларына тапсырма сыпатында берилген фотосүўрет

Үш китап тур қатарасы ашылып,
Барлығы да үсти-үстине шашылып,
Бир оқыўшы үш китапты оқыйтын,
Еки көзге болмаймекен қасылық.
Қарақалпақ филологиясы факультетиниң 2-курс студенти Жолдасбаев Базарбай

Не деген пайызлы, неткен орталық,
Мына китаплардың барлығын көрсем,
Наўа қалдырмастан өткерип көзден,
Соқыр болыў азабына да көнсем,
Усы китапхана ишинде өлсем.
Журналистика қәнигелигиниң 3-курс студенти Искендеров Жахангер.
Сахибжамал Есемуратова.